Telegram karinform

Спорт

  • 19.02.2021 16:09
  • 1161

Қарақалпақстанлы Гулнура Сейтжанова қол урысы бойынша жәҳән чемпионатына жоллама алды

Қарақалпақстанлы Гулнура Сейтжанова қол урысы бойынша жәҳән чемпионатына жоллама алды
Усы жылдың 7-11-февраль күнлери аралығында Ташкент қаласындағы «Универсал» спорт сарайында 18-35 жаслы спортшылар арасында қол урысы бойынша Өзбекстан чемпионаты болып өтти.

Жарысқа Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм барлық ўәлаятлардан спортшылар қатнасты.

Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы қурамында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты шет тиллери факультетиниң студенти Гулнура Сейтжанова жарыста 70 кг салмақ категориясында қатнасты.

4 жылдан берли спорттың «Taekwon-do WTF», сондай-ақ, 6 айдан берли қол урысы спорт түри менен шуғылланып, шеберлигин арттырып киятырған Гулнура жарыста дәслеп Әндижан, соңынан Ташкент қаласынан болған қарсыласларын жеңип, ярым финалға жоллама алды. Ташкентли қарсыласы менен болып өткен жекпе-жекте Гулнура 1-раундта өзиниң жоқары таярлыққа ийе екенлигин көрсетип, қарсыласын нокаутқа ушыратты.

Ярым финалда және бир пайтахтлы спортшы менен жекпе-жекке шыққан жерлесимиз упайлар есабында жеңилип қалды ҳәм чемпионаттың бронза медалын қолға киргизди.

Жарыс жуўмағында күшли үшликтен орын алған барлық спортшылар қатарында Гулнура Сейтжанова да усы жылдың июнь айында Ташкент қаласында болып өтетуғын жәҳән чемпионатына жолламаға ийе болды.

- Жетискенликлерге ерисиўимде устазым Жәҳәнгер Сейтаевтың мийнетлери көп. Ҳәзирги ўақытта жәҳән чемпионатына, соның менен бирге, усы жылдың март айында Сурхандәрья ўәлаятында болып өтетуғын бириншиликке таярлық көрип атырмыз, - дейди Гулнура.

Ислам Матеков.
Автордың түсирген фотосы.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы