Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.02.2021 15:52
  • 959

«Героин» сатып атырған пуқаралар усланды

«Героин» сатып атырған пуқаралар усланды
Усы жылдың 16-февраль күни Елликқала районлық ИИБ Жынаят-излеў бөлимшеси хызметкерлери тәрепинен өткерилген оператив илаж даўамында Төрткүл районы «Өзбекстан» АПЖ аймағында 41 жаслы Айбек К. ҳәм 36 жаслы Ахмад Е. исимли адамлар арнаўлы қарыйдарға 1 200 000 сум пулға шақмақ формасындағы дәптер бетине оралған қоңыр сарғыш реңли, даналы, унтақ ҳәм уксус ийисли таза салмағы 0,17 грамм «героин» нәшебентлик затын сатқан ўақтында усланған. Бул ҳаққында ӨзР ИИМ жанындағы Тергеў департаменти хабар берди.
«Героин» сатып атырған пуқаралар усланды
Суд химиялық экспертизасының жуўмақлары бойынша бул зат «героин» нәшебентлик заты екенлиги тастыйықланған.
«Героин» сатып атырған пуқаралар усланды
Бул жағдай бойынша Елликқала районлық ИИБ жанындағы Тергеў топары тәрепинен ӨзР Жынаят кодексиниң 273-статьясы 5-бөлими менен жынаят иси ашылған ҳәм дәслепки тергеў процесинде усы пуқараларға айыплаў жәрияланып, «қамаққа алыў» тәризиндеги шара қолланылған.

Ҳәзирги ўақытта нәшебентлик затының келип шығыўы анықланбақта, тергеў жуўмағына муўапық қарар қабыл етилиўи тәмийинленеди, деп жазылған хабарда.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...