Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.02.2021 14:24
  • 881

Сегиз дүкәни бузылған ҳәм компенсация пуллары төленбеген пуқараның әўерегершилиги

Сегиз дүкәни бузылған ҳәм компенсация пуллары төленбеген пуқараның әўерегершилиги
Пуқара К.К.ның дүкәнлары Нөкис қаласы ҳәкимлиги тәрепинен бузылған, бирақ компенсация пуллары берилмеген. Пуқара компенсация пулларын өндирип бериўди сорап бир неше рет суд ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары және басқа да жоқары турыўшы уйымларға мүрәжат еткен. Бирақ, ҳәр сапары оның мүрәжаты қанаатландырылмастан қалдырылған. Бул жағдайлар пуқара Нөкис қалалық әдиллик бөлимине мүражат еткенде мәлим болды, деп жазады Нөкис қалалық әдиллик бөлими аға мәсләҳәтшиси Б.Нажимов.

Анықланыўынша, қала ҳәкимлигиниң 2016-жыл 13-августтағы тийисли қарарына тийкар К.К.ға тийисли болған 8 дүкән имаратын бузыў ҳәм басқа жерге көшириў ҳаққында қарар қабыл етилген.

Өзбекстан Республикасы Жер кодекси ҳәм сол ўақытта өз күшинде болған Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2006-жыл 29-майдағы 97-санлы қарары менен тастыйықланған «Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик мүтәжликлер ушын жер участкаларының алып қойылыўы мүнәсибети менен пуқараларға ҳәм юридикалық тәреплерге жеткерилген зыянды қаплаў тәртиби ҳаққында»ғы Уставта мүлк ийесине жеткерилген зыян орны толық қапланыўы көрсетилгенине қарамастан пуқара К.К.ның жер участкаларына болған ҳуқықының кепилликлери турпайы түрде қала ҳәкимлиги тәрепинен бузылған.

Жоқарыдағы жағдайлардан келип шығып, әдиллик бөлими тәрепинен пуқара К.К.ның бузылған ҳуқықларын қорғаў мақсетинде пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлараралық судына даўа арза киргизилип, пуқара К.К.ға 395 744 032 (үш жүз тоқсан бес миллион жети жүз қырық төрт мың отыз еки) сум компенсация пулларын өндирип бериў ҳаққында суд қарары шығарылып, пуқараның бузылған ҳуқықлары тикленди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

    Пенсия қоры Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек екенлиги ҳаққында усыныслар

Көп балалы шаңарақ деп қандай шаңараққа айтылады?

Көп балалы шаңарақ деп қандай шаңараққа айтылады?

    Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексиниң 41-статьясына муўапық, төрт ҳәм оннан көп он сегиз жасқа толмаған баласы

Муғаллим телефонды алып қойыўға ҳақысы жоқ дейсиз бе, алжасасыз! (+ видео)

Муғаллим телефонды алып қойыўға ҳақысы жоқ дейсиз бе, алжасасыз! (+ видео)

    Өзбекстан Республикасы Конституциясында Билимлендириў шөлкемлери аймағында ҳәм аудиторияларында телефонлардан пайдаланыў тәртиби белгиленген. Билимлендириў шөлкемине келгенде