Telegram karinform

Жәмийет

  • 25.02.2021 13:47
  • 934

Еки ҳәм оннан аслам перзентлери контракт тийкарында оқып атырған шаңарақларға жеңилликли тәлим кредити бериледи

Еки ҳәм оннан аслам перзентлери контракт тийкарында оқып атырған шаңарақларға жеңилликли тәлим кредити бериледи
2021-2022-оқыў жылынан баслап республикалық жоқары оқыў орынларында бир ўақыттың өзинде еки ҳәм оннан аслам перзентлери төлемли контракт тийкарында оқып атырған шаңарақларға республикалық коммерциялық банклер тәрепинен жеңилликли тәлим кредитлерин бериў тәртиби енгизиледи. Бул ҳаққында Ҳүкиметтиң тийисли қарар жойбары жәмийетлик додалаўға қойылды.

Усындай шаңарақларға жеңилликли тәлим кредитлерин бериў ушын коммерциялық банклерге Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан мақсетли кредит ресурслары ажыратылады.

Тәлим кредитлери республикада жумыс алып барып атырған барлық жоқары оқыў орынлары – мәмлекетлик, мәмлекетлик емес, қоспа билим бериў бағдарламалары ҳәм сырт еллердиң жоқары оқыў орынлары филиалларында төлемли контракт тийкарында оқып атырған Өзбекстан пуқараларына, олардың ата-аналары ямаса қәўендерлерине бериледи.

Кредит процентлери кредит ажыратылғаннан соң кейинги айдың 1-сәнесинен баслап айма-ай төленеди, тийкарғы қарызды болса студенттиң оқыўы рәсмий түрде жуўмақланғаннан кейин, үш ай өткеннен соң төлеў басланады.

Тәлим кредити, оқыў мүддетин есапқа алған ҳалда, бакалавр ушын 15 жыл, магистр ушын 10 жылға шекемги болған мүддетке бериледи.

Қарыз алыўшы төмендеги тәмийинлеў формаларының бирин банкке усыныўы керек, оның әмелге асырылыўы оған қойылған тийкарғы талап болып табылады:

- мүлк ямаса қымбат баҳалы қағазларды гиреўге қойыў;
- банк кепиллиги;
- үшинши тәрептиң кепиллиги;
- қамсызландырыў компаниясының қарыз алыўшының кредитти қайтара алмаў қәўпи қамсызландырылғаны ҳаққындағы қамсызландырыў полиси.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...