Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигиниң Наўрыз улыўма халықлық байрам сейилин өткериў бойынша илажлар режесине муўапық, байрам сейилиндеги концерт бағдарламасының сценарийи ислеп шығылып, бүгинги күнде белгиленген орынларда көркем өнер шеберлериниң қатнасыўында таярлық жумыслары қызғын алып барылмақта. Бул ҳаққында «Kknews.uz» сайты хабар берди.
- Байрам сейилиниң концерт бағдарламаларына фольклор топарлары, көркем ҳәўескерлик жәмәәтлери, шаңарақлық ансамбльлер, цирк артистлери, бақсылар, профессионал атқарыўшылар ҳәм талантлы эстрада қосықшылары, орайлар және балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери оқыўшылары кеңнен қамтып алынған. Барлық қала ҳәм районлардың шетки аўылларында шөлкемлестирилетуғын байрам илажларында, Наўрыз байрамының тарийхы, ҳәр бир аймақ халқы арасында оны белгилеўге байланыслы халқымыздың үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин кеңнен сәўлелендириў, тийисли мәкемелер менен биргеликте илажлар өтетуғын орынларда сахналастырылған концерт бағдарламасында ҳәр турли миллий спорт ойынлары, өнерментлер менен художниклердиң көргизбелерин шөлкемлестириў, сейил бағдарламаларын таярлаўда елимизде миллетлераралық татыўлық орталығын беккемлеў бойынша әмелге асырылып атырған системалы жумыслардың әмелий нәтийжелери сыпатында түрли миллет ўәкиллериниң Наўрызды белгилеўге байланыслы үрп-әдет дәстүрлерин көрсетиў орын алған, – дейди Қарақалпақстан Республикамы Мәденият министрлиги, Мәденият мәкемелериниң жумысын шөлкемлестириў бөлиминиң бас қәнигеси П.Мамутов.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz