Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.03.2021 12:20
  • 925

Транспортларға техникалық тексериўден өткени ҳаққындағы талонларды бериў әмелияты бийкар етиледи

Транспортларға техникалық тексериўден өткени ҳаққындағы талонларды бериў әмелияты бийкар етиледи
«Транспорт қуралларын мәжбүрий техникалық тексериўден өткериў тәртибин жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Ҳүкиметлик қарар қабыл етилди.

Қарарға муўапық, транспорт қуралларын Мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети бөлимшелеринде мәжбүрий техникалық тексериўден өткериўде ҳәрекетленетуғын мобиль техникалық қадағалаў линияларынан пайдаланыў тәртиби енгизиледи.

2021-жыл 1-сентябрьден физикалық тәреплерге тийисли болған М1 категориядағы автотранспорт қуралларын исбилерменлер – юридикалық тәреплерден мәжбүрий техникалық тексериўден өткериўде ҳәрекетленетуғын мобиль техникалық қадағалаў линияларынан пайдаланылады.

2021-жыл 1-июльға шекем автотранспортларды мәжбүрий техникалық тексериўден өткериў жумысларын әмелге асыратуғын исбилерменлерге Мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметиниң «Техникалық тексериў» автоматластырылған мәлимлеме системасына кириў имканияты жаратылады.

2021-жыл 1-сентябрьден сырт еллерге шығатуғын транспортлардан тысқары барлық транспортларға техникалық тексериўден өткенлиги ҳаққындағы талонларды бериў әмелияты бийкар етиледи.

Сондай-ақ, қарар тийкарында Транспорт қуралларын мәжбүрий техникалық тексериўден өткериў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Оған муўапық, транспортлар төмендеги ўақыт көрсеткишлерине муўапық техникалық тексериўден өткерилиўи керек:

- коммерциялық тийкарда жолаўшылар тасыўшы жеңил автомобильлер, автобуслар, троллейбуслар, трамвайлар ҳәм орынлар саны 8 және оннан аслам болған (транспорт басқарыўшының орнынан тысқары), адамларды турақлы тасыў ушын үскенеленген жүк автомобильлери, ири габаритли, аўыр салмақтағы ҳәм қәўипли жүклерди тасыў ушын арнаўлы транспортлар және олардың тиркемелери – бир жылда еки мәрте;

- ислеп шығарылғанына 6 жылдан көп болмаған транспортлар – еки жылда бир мәрте;

- ислеп шығарылғанына 6 жылдан көп болған, сондай-ақ, ислеп шығарылған ўақты анық болмаған транспортлар – бир жылда бир мәрте;

- тиркемелер техникалық тексериўге транспорт қуралы – тиркеўши ушын белгиленген мүддетлерде;

- гезектеги техникалық тексериўден өткериўдиң алдын орнатылған мүддетлерине қарамастан, оларды Мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети уйымларында дизимге алыў (қайта дизимге алыў) ўақтында.

Жаңа транспортлар Мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети уйымларында дизимге алыныўда техникалық тексериўден өткерилмейди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

Уқсас жаңалықлар

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы