Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.03.2021 13:17
  • 973

Колонияда жаза мүддетин өтеп атырған пуқара ишки ислер уйымы хызметкерине пара бермекши болды

Колонияда жаза мүддетин өтеп атырған пуқара ишки ислер уйымы хызметкерине пара бермекши болды
Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги 27-санлы колониясында алдын жынаятқа қол урып, жаза мүддетин өтеп атырған пуқара Р.Қ. колония баслығының орынбасары, майор К.Бекмуратовқа шәртнама объектлерине жумысқа бириктирмеў ушын 200 000 сум пулды пара сыпатында усыныс еткен. Жағдай бойынша колония баслығының орынбасары, майор К.Бекмуратов ҚР ИИМ басшыларына мәлимлеме арқалы мүрәжат еткен, деп жазбақта ИИМ мәлимлеме хызмети.

Усы мәлимлеме тийкарында ӨзР ИИМ Өз қәўипсизлиги басқармасының Қарақалпақстан Республикасы бойынша бөлими ҳәм Қоңырат районлық прокуратурасы менен биргеликте өткерилген илаж даўамында Р.Қ. колония баслығының орынбасары, майор К.Бекмуратовтың хызмет бөлмесинде 200 000 сум пулды пара сыпатында берген ўақтында айғақлы дәлиллер менен усланған.

Жағдай бойынша Бас прокуратураның Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти ҚР басқармасы Қоңырат районлық бөлими тәрепинен ӨзР Жынаят кодексиниң 211-статьясы 1-бөлими менен жынаят иси ашылып, тергеў жумыслары алып барылмақта.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...