Telegram karinform

Жәмийет

  • 17.03.2021 17:07
  • 979

Наўрыз байрамын өткериў бойынша жаңа тәртиплер белгиленди

Наўрыз байрамын өткериў бойынша жаңа тәртиплер белгиленди
Өзбекстан Республикасына коронавирустың кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша илажлар бағдарламасын таярлаў бойынша республикалық арнаўлы комиссияның коронавирус пандемиясын есапқа алған ҳалда елимизде Наўрыз улыўма халықлық байрамы илажларын шөлкемлестириў мәселелерине арналған кеңейтилген жыйналысы болып өтти.

Жыйналыста соңғы ўақытларда халық арасында коронавирус инфекциясы менен наўқасланыў жағдайлары бираз артқаны атап өтилди. Сонлықтан, жуўапкер министрлик ҳәм уйымларға:

- байрам илажларын ҳаўа райы шараятын есапқа алған ҳалда ашық орынларда, яғный бағлар, қыябанлар ҳәм ойын майданшаларында өткериў;

- байрам илажларында халықты көп топламаў ҳәм келиўшилердиң нықапта болыўы және социаллық аралықты сақлаўы бойынша қадағалаў орнатыў;

- халық топланыўының алдын алыў мақсетинде илажларды киши көлемде мәкан пуқаралар жыйынларында шөлкемлестириў илажларын көриў сыяқлы көрсетпелер берилди.

Соның менен бирге, байрам илажларында жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм қәўипсизлик илажларын көриў мақсетинде ҳуқық қорғаў уйымларына тийисли тапсырмалар берилди.

Орынларда өткерилетуғын байрам илажларын жоқары көркемлилик дәрежесинде өткериў, буның ушын эстрада қосықшылары ҳәм театр актёрларын бириктириў сыяқлы ўазыйпалар белгиленди.

Сондай-ақ, Санитариялық-эпидемиологиялық хызмет тәрепинен халық арасында коронавирус пенен наўқасланыў жағдайларын ерте анықлаў бойынша ПШР лабораторияларының толық қуўатлылықта жумысларын шөлкемлестириў, сондай-ақ, коронавирус инфекциясына қарсы қәўип асты топарына киретуғын халық қатламын ықтыярлы емлеў илажларын шөлкемлестириў бойынша тийисли тапсырмалар берилди.

Айырым сырт еллер ҳәм қоңсылас мәмлекетлерде ҳәзирги ўақытта бақланып атырған коровирус инфекциясы менен байланыслы кескин эпидемиологиялық жағдайды есапқа ала отырып, елимизде усы сыяқлы жағдайлардың қайталанбаўы ушын кең түрде үгит-нәсият жумысларын алып барыў усыныс етилди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...