Telegram karinform

Жәмийет

  • 17.03.2021 19:22
  • 820

Вакцинаның кери тәсиринен қамсызландырыў мүмкин бе?

Вакцинаның кери тәсиринен қамсызландырыў мүмкин бе?
Вакцинация ўақтында кери тәсирлерден қамсызландырыў процеси ҳаққында Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық хызмети баслығы Б.Юсупалиев мағлыўмат берди.

- Вакцинаның емлеўден кейин кери тәсири болыўы мүмкин ҳәм бул тәсир анықланған болса, пуқара тәрепинен Денсаўлықты сақлаў министрлигине мүрәжат бериледи. ДСМ өз гезегинде, ҳақыйқатында да бул кери тәсир вакцинадан ба ямаса басқа себеплери болған болыўы мүмкинлигин үйренеди. Соған қарай тийисли жуўмақ шығарылады, - деп айтып өткен Юсупалиев.

Егер кери тәсир болса, биринши гезекте қыстаўлы медициналық жәрдемди денсаўлықты сақлаў системасы көрсетиўи атап өтилди.

- Кери болған тәсирлерди жоқ етиў мақсетинде барлық жәрдем көрсетиледи. Бирақ, бул жерде зыянды өндириў мәселелери болыўы мүмкин. Бунда судқа мүрәжат етип, суд арқалы тийисли жумыслар әмелге асырылады. Ықтыярлы қамсызландырыўымыз бар, оны ислеўге болады. Бирақ, мәжбүрий қамсызландырыў ҳәзирше бизде жоқ, - деп мәлим еткен Б.Юсупалиев.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...