Telegram karinform

Спорт

  • 19.03.2021 20:04
  • 7233

«Универсиада» жарысларында тарийхый нәтийжелерди қолға киргизген студентлер ҳәм олардың тренер-оқытыўшылары мүнәсип сыйлықланды

Бүгин, 19-март күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Универсиада» спорт жарысларының финал басқышларында жоқары нәтийжелерге ерисип, республикамыздың тарийхый нәтийжесине үлкен үлес қосқан студентлер ҳәм олардың тренер-оқытыўшыларын сыйлықлаў салтанаты болып өтти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов, институт ректоры Б.Отемуратов ҳәм профессор-оқытыўшылар, спортшы студентлер және олардың ата-аналары, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
«Универсиада» жарысларында тарийхый нәтийжелерди қолға киргизген студентлер ҳәм олардың тренер-оқытыўшылары мүнәсип сыйлықланды
Сыйлықлаў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов сөзге шығып, киши олимпиада есапланған «Универсиада» спорт жарысларының финал басқышларында Қарақалпақстан Республикасының улыўма командалық есапта сыйлы 2-орынды ийелеўинде институтта оқып атырған студентлердиң үлеслери айрықша екенлигине тоқталды.
«Универсиада» жарысларында тарийхый нәтийжелерди қолға киргизген студентлер ҳәм олардың тренер-оқытыўшылары мүнәсип сыйлықланды
Атап айтқанда, өткерилген жарысларда Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы қурамында қатнасқан спортшылар улыўма 62 медальды қолға киргизген болса, соннан 32 медаль институт студентлери тәрепинен жеңип алынды. Республикамыз есабында улыўма 17 алтын медаль болып, соның 12 син усы оқыў орны студент жаслары қолға киргизгени бул дәргайда спортқа болған итибар және ғамқорлықтың жоқары екенлигиниң белгиси сыпатында атап өтиў орынлы.

Илажда усындай тарийхый нәтийжеге мүнәсип үлес қосқан барлық студентлерге, сондай-ақ, олардың тренер-оқытыўшыларына институт ректораты тәрепинен таярланған алғыснама ҳәм қымбат баҳалы саўғалар тапсырылды.
«Универсиада» жарысларында тарийхый нәтийжелерди қолға киргизген студентлер ҳәм олардың тренер-оқытыўшылары мүнәсип сыйлықланды
«Универсиада» жарысларында тарийхый нәтийжелерди қолға киргизген студентлер ҳәм олардың тренер-оқытыўшылары мүнәсип сыйлықланды
«Универсиада» жарысларында тарийхый нәтийжелерди қолға киргизген студентлер ҳәм олардың тренер-оқытыўшылары мүнәсип сыйлықланды
Сондай-ақ, институт ректоры Б.Отемуратов ҳәм дене мәденияты факультети деканы А.Утербергеновқа Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң алғыснамалары салтанатлы түрде тапсырылды.
«Универсиада» жарысларында тарийхый нәтийжелерди қолға киргизген студентлер ҳәм олардың тренер-оқытыўшылары мүнәсип сыйлықланды
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы қурамында Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтынан улыўма 44 студент «Универсиада» спорт жарысларының финал басқышларында қатнасып, 12 алтын, 8 гүмис, 12 бронза – улыўма 32 медальды қолға киргизди.
«Универсиада» жарысларында тарийхый нәтийжелерди қолға киргизген студентлер ҳәм олардың тренер-оқытыўшылары мүнәсип сыйлықланды

Ислам Матеков.
Автордың түсирген фотолары.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...