Telegram karinform

Жәмийет

  • 24.03.2021 13:22
  • 1112

Мойнақта жол-патруль инспекторы хызмет ўазыйпасын атқарып атырған ўақтында қайтыс болды

Мойнақта жол-патруль инспекторы хызмет ўазыйпасын атқарып атырған ўақтында қайтыс болды

Усы жылдың 21-март күни Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасының 3-көшпели топары жол-патруль инспекторы, қатардағы Данияр Қайырбаев хызмет ўазыйпасын атқарыў ўақтында қайтыс болды.

Басқарма баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, жол-патруль инспекторы Д.Қайырбаев сол күни Мойнақ районы аймағындағы 4Р-173 автомобиль жолының 91-93-километри аралығында хызмет алып барып атырған ўақтында «УАЗ-3303» маркалы автотранспорт қуралын мәс ҳалда басқарып киятырған транспорт басқарыўшысын иркпекши болғанда басқарыўшы инспекторды дүгип кеткен. Ақыбетинде жол-патруль инспекторы дүньядан көз жумған.

Басқарма жәмәәти марҳумның шаңарақ ағзалары, туўған-туўысқанларына терең қайғырыў менен кеўил билдирген.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...