Telegram karinform

Жәмийет

  • 24.03.2021 15:39
  • 810

Қанлыкөлдеги МТП жумысшыларының 88 миллион сумнан аслам мийнет ҳақылары төленбеген

Қанлыкөлдеги МТП жумысшыларының 88 миллион сумнан аслам мийнет ҳақылары төленбеген
«Қанлыкөл агросервис МТП» бирнеше айлардан берли өз жумысшыларына мийнет ҳақыларын төлемей келген. Буннан наразы болған жумысшылар усы жылдың март айында Қанлыкөл районлық әдиллик бөлимине мүрәжат еткен, деп жазбақта ҚР Әдиллик министрлиги.

Мүрәжат етиўшилердиң арзасы тийкарында жағдай үйренилгенде, машина трактор парки тәрепинен улыўма 28 жумысшыға 88 миллион 734 мың 237 сум муғдарындағы мийнет ҳақылары төленбегени мәлим болды.

Районлық әдиллик бөлими тәрепинен бул бойынша ӨзР Пуқаралық процессуал кодексиниң 171-статьясы тийкарында Қоңырат районлар аралық судына арза киргизилди.

Суд тәрепинен мийнет ҳақыларын өндириў ҳаққындағы суд буйрықлары шығарылып, ҳәзирги ўақытта орынлаўға бағдарланған.

Усы орында атап өтиў орынлы, ӨзР Мийнет кодексиниң 154-статьясына муўапық, жумыс бериўши өзиниң финанслық жағдайына қарамастан, жумысшыға мийнети ушын ҳақыны белгиленген мийнет ҳақы шәртлерине муўапық төлеўге мәжбүр болып есапланады.

Сондай-ақ, Министрлер Кабинетиниң 2002-жыл 19-марттағы 88-санлы қарарында мүлкшилик формасына қарамастан, кәрханалар ҳәм шөлкемлердиң басшылары жумысшыларға мийнет ҳақысын өз ўақтында және толық төлениўи ушын жеке жуўапкер екенлиги белгиленген.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында