Telegram karinform

Сиясат

  • 07.04.2021 11:31
  • 1160

Жаңа министрлик шөлкемлестирилди

Жаңа министрлик шөлкемлестирилди
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Туризм, спорт ҳәм мәдений мийрас тараўларында мәмлекетлик басқарыў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди.

Пәрманға муўапық, Дене тәрбия ҳәм спорт министрлиги және Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети негизинде Туризм ҳәм спорт министрлиги шөлкемлестирилди.

Сондай-ақ, Дене тәрбия ҳәм спорт министрлиги және Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң тийисли аймақлық бөлимлери негизинде министрликтиң Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық бас басқармалары, районлық (қалалық) бөлимлери шөлкемлестирилди.

Министрлик туризм, дене тәрбия, спорт ҳәм мәдений мийрас тараўларында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асыратуғын мәмлекетлик басқарыў уйымы есапланады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин

        Apple‘дың жаңа смартфонлары АҚШ президенти Доналд Трамп ҳәкимшилигиниң бажыхана төлемлери себепли 30 процентке қымбатлаўы мүмкин.

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

    ️Енди жоқары курслардағы өзлестириўи жақсы ҳәм социаллық белсенди студентлер толық ямаса белгили бир бөлеги муғдарында