Telegram karinform

Жәмийет

  • 16.04.2021 14:53
  • 932

Қарақалпақстанда балық аўлаў ўақытша қадаған етилди

Қарақалпақстанда балық аўлаў ўақытша қадаған етилди
Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң 2021-жыл 10-марттағы буйрығына муўапық, Әмиўдәрья суў бассейнинде усы жылдың 10-март сәнесинен 31-март сәнесине шекем, тәбийғый суў бассейнлеринде 26-апрельден 10-июньға шекем санаат мақсетинде балық аўлаў қадаған етилди.

Комитет баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, балықлардың уўылдырық шашыў мәўсиминде пуқаралардың балық аўлаўын қадаған етиў бойынша суў бассейнлеринде броконьерлерге қарсы гүресиў, нызамбузыўшылық жағдайлары бақланған ўақытта Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң мәмлекетлик инспекторларына жақыннан жәрдем бериў, усы мәўсим даўамында моторлы қайықларды суўға түсирмеў, спорт-ҳәўескерлик тийкарындағы балықшылар тәрепинен киши көлемдеги кемелерден моторсыз түрде қармақлардағы илмеклердиң саны бесеўден көп болмаған жағдайда аўланыўына рухсат берилиўи ескертип өтилген.

Жоқарыдағы талаплар бузылған жағдайда ҳуқықбузарларға әмелдеги нызам ҳүжжетлерине муўапық тийисли тәртипте шаралар көриледи.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Қыста Д витаминин ишиў керек пе?

Қыста Д витаминин ишиў керек пе?

Әлбетте, организм, әсиресе, қыс айларында бул витаминге көбирек мүтәжлик сезеди. Балалар ушын бул жүдә әҳмийетли. Қыста...

Педагоглардың жумысына араласыўға болмайды

Педагоглардың жумысына араласыўға болмайды

    2024-жыл 1-февраль күнги ӨРН-901-санлы Нызамға бола, педагогдың кәсиплик искерилигине араласыў, оның хызметин тийкарсыз түрде тексериў,

Қарақалпақстан Республикасында биринши алтын кәни өзлестирилди

Қарақалпақстан Республикасында биринши алтын кәни өзлестирилди

    Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтың Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында мәмлекетимиз басшысы аймақта әмелге асырылып атырған инвестиция