
Бас министр Абдулла Арипов басшылығында коронавирусқа қарсы гүресиў комиссиясының кеңейтилген жыйналысы болып өтпекте.
Онда атап өтилиўинше, муқаддес Рамазан айында таровеҳ намазларын ашық жерлерде оқыў бойынша көрсетпе берилген.
Сондай-ақ, ифтарлықларды имканы болғанынша шаңарақлары шеңберинде ямаса 100 адамнан көп болмаған ҳалда өткериў кереклиги мәлим етилди.
1-майдан баслап концерт-тамаша илажларын жабық орынларда өткериў бойынша шеклеў енгизилмекте.
Сондай-ақ, ири саўда комплекслери ҳәм базарларда, дүканларда карантин қағыйдаларына қатаң әмел етилиўи қадағалаўға алыныўы мәлим етилди.
Ислам Матеков.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz