Telegram karinform

Жәмийет

  • 21.04.2021 10:27
  • 899

Урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларына ақшалай сыйлық бериледи

Урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларына ақшалай сыйлық бериледи
Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларына 12 000 000 (он еки миллион) сум муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық бериледи. Бул ҳаққында Президенттиң 2021-жыл 20-апрельдеги пәрманында келтирип өтилген. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлиги хабар бермекте.

Мәмлекетимизде 9-май улыўмахалықлық байрам Еслеў ҳәм қәдирлеў күни өткерилиўи, сондай-ақ, Екинши жер жүзилик урыста қайтыс болғанлардың естелигин мәңгилестириў, бүгин де қатарларымызда турып Ўатанымыздың абырай-мәртебесин көтериўге, жасларды руўхый әдеп-икрамлылық жақтан тәрбиялаўға үлес қосып атырған нуранийларды ҳүрметлеў ҳәм фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 76 жыллығы белгилениўи мүнәсибети менен урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларын материаллық хошаметлеў мақсетинде Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Қаржы министрлиги, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларына усы ақшалай сыйлықтың салтанатлы тапсырылыўын тәмийинлейди.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Мәденият министрлиги, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы менен биргеликте карантин қағыйдаларына әмел еткен ҳалда Ўатанымыздың азатлығы ҳәм даңқын қорғаўшыларға бағышланған арнаўлы ушырасыўлар ҳәм мәдений-ағартыўшылық кешелерди өткериўге жуўапкер болып есапланады.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

        АҚШтың студентлик ҳәм басқа түрдеги визаларын алажақ болған адамлардың социаллық тармақлары тексериледи. Мәмлекетлик хаткер Марко