Telegram karinform

Жәмийет

  • 21.04.2021 12:31
  • 948

Россияға барыўдың жаңа имканиятлары пайда болды

Россияға барыўдың жаңа имканиятлары пайда болды
Буннан былай Өзбекстан пуқаралары Россияға турақлы авиарейслер шөлкемлестирилген ҳар қандай мәмлекет арқалы ушып бара алады. Буның ушын ҳеш қандай тийкар талап етилмейди.

Россия ҳүкиметиниң 635-р санлы буйрығының биринши қосымшасына киргизилген өзгерислерге муўапық, буннан былай Өзбекстан пуқаралары усы қосымшада келтирилген ҳәр қандай мәмлекеттен тийкарсыз ушып бара алады. Дизимде Түркия, Қырғызстан, Қазақстан сыяқлы мәмлекетлер бар. Ол жерлерден Россияға билетлер арзан. Сол себепли енди усы мәмлекетлерден Россияға арзан, нызамлы ҳәм тийкарсыз ушып барыў мүмкин. Яғный, тек ғана Өзбекстаннан ушып барыў шәрт емес.

Буннан алдын Өзбекстан пуқаралары Россияға Қырғызстан, Түркия сыяқлы үшинши мәмлекетлерден барыўы ушын сол мәмлекетлерде жасаў ушын рухсатнамасы болыўы талап етилетуғын еди. Буннан былай бул талап алып тасланды.

Еслетип өтемиз, Россияға барыўдан алдын коронавирусқа ПШР(ПЗР)-тест тапсырыўы шәрт.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...