Telegram karinform

Жәмийет

  • 21.04.2021 15:50
  • 984

Жынаятты жасырыў мақсетинде пара усыныс етилди

Жынаятты жасырыў мақсетинде пара усыныс етилди
Усы жылдың 16-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Транспортта қәўипсизликти тәмийинлеў басқармасы жынаят излеў бөлими хызметкерлери тәрепинен пуқара С.А.ның арзасына муўапық өткерилген оператив илаж нәтийжесинде пуқара А.Ш. алдын оған ҳәкимшилик жаза қолланылғанына қарамастан Нөкис қаласында жайласқан Нөкис халықаралық аэропорты алдында С.А.ға нызамға қайшы түрде 40 000 Қазақстан теңгесин 1 000 000 сумға сатқан ўақтында усланып, пуллар айғақлы дәлил сыпатында ҳүжжетлестирилген.

Бул жағдай бойынша топланған ҳүжжетлерди унамлы шешип бериў ушын Қарақалпакстан Республикасы ИИМ Транспортта қәўипсизликти тәмийинлеў басқармасы Хожели бәндиргисиндеги бөлимшеси хызметкери Б.К.ға 1 000 000 сумды пара сыпатында усыныс етип, 17-апрель күни басқарманың хызмет бөлмесинде келисилген пулды пара сыпатында берген ўақтында айғақлы дәлиллер менен усланған.

Усы жағдай бойынша пуқара А.Ш.ға Жынаят кодексиниң 177-статьясы 1-бөлими ҳәм 211-статьясы 1-бөлими менен жынаят иси қозғатылды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы