Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.04.2021 11:45
  • 1505

«Прыжок»: М.К.Нурмухамедовтың тәғдиринен жаңа дәреклер

«Прыжок»: М.К.Нурмухамедовтың тәғдиринен жаңа дәреклер
Жақында Ташкент қаласында тек ғана жергиликли жәмийетшилик емес, ал пайтахттан алыста жасаўшы қәнигелердиң итибарын тартқан әжайып ўақыя жүз берди.

Бул туўралы елеге шекем социаллық тармақларда сөз етилмекте.

Бул жерде гәп Ташкенттеги «Baktria press» баспасында басып шығарылған «Прыжок» китабының Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан миллий китапханасында жәмийетшиликке таныстырылыўы ҳаққында бармақта. Бул әжайып мийнет қарақалпақтың дүньяға белгили алымы Марат Көптилеўович Нурмухамедовтың көп қырлы өмири, илимий, жәмийетлик-сиясий жумысларына бағышланған.

Ол ҳақыйқатында да жарқын, әжайып тулға еди. Марат 16 жасында орта мектепти орыс тилинде питкерип шығып, соңынан Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтын, соның менен параллель Хожели педагогика училищесинде сырттан оқып тамамлады. Ал, 20 жасында Москвадағы СССР Илимлер Академиясының шығыстаныў институтының аспирантурасына оқыўға кирип, үш жылдан соң, сол ўақыттағы еле үйренилмеген «Рус әдебиятының қарақалпақ совет әдебиятының раўажланыўына тәсири» деген темада кандидатлық диссертациясын табыслы қорғайды. Ол жаңа дәўирдиң адамы еди. Өзиниң айрықша идеялары, пикирлери, практикалық(әмелият) жумыслары менен сол ўақыттағы үлкен елдиң илимий-жәмийетлик турмысына бәрҳа жаңа жаңалықлар киргизип барды.

Китаптың таныстырыў кешесин терең билим ҳәм шеберлик пенен алып барған педагогика илимлериниң докторы, профессор Юсуф Абдуллаев тәрепинен М.К.Нурмухамедовтың илимий изленислери, филология илиминиң, соның ишинде тюркологияның раўажланыўына салмақлы үлес болып қосылғаны ҳәм бул мийнетлер оған дүнья жүзилик илимий жәмийетшилик арасында жоқары абырай алып келгенлигин бир-неше мәрте атап өтилди. Ол Илимлер Академиясының Қарақалпақстан филиалы ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар Аўқамының баслығы, Өзбекстан Илимлер Академиясының көп жыллық вице-президенти, СССР Тюркология комитети баслығының орынбасары сыяқлы оғада үлкен лаўазымға сайланған Өзбекстаннан шыққан биринши ўәкил, Қарақалпақтың биринши академиги еди.
«Прыжок»: М.К.Нурмухамедовтың тәғдиринен жаңа дәреклер
Өзиниң қысқа өмири даўамында ол жоқары маманлықтағы көп санлы кадрларды таярлаў менен бирге қарақалпақ, өзбек, орыс тиллеринде 400 ден аслам монография, китап, сабақлық ҳәм илимий мақалалар жазды ҳәм оның көплеген мийнетлери сол ўақыттың өзинде түркмен, қазақ, украин, инглис, венгер, түрк ҳәм басқа да тиллерге аўдарылды.

Бул әжайып китап тек Марат Көптилеўович ҳаққында емес, ал, оның әкеси Қарақалпақстанның биринши басшысы болып, 1937-жылғы репрессияның бийгүнә қурбанына айланған Көптилеў, жалғыз өзи бес жетим баланы тәрбиялаған, соның екеўи әкеси қамалғаннан соң қайтыс болған анасы Пердегүл, кемпир апасы Дәўлет апа, зайыбы Вероника Валентиновна, Дәме, Рая, Мәрьям Нурмухамедовалар менен ҳәр бир бөлим ҳәм қатарда сөз еткени менен жүдә әҳмийетли. Бул китап автордың елимизге белгили көркем өнер таныўшы ҳәм жәмийетлик искер қызлары Мариника Маратовна Бабаназарова, профессионал тарийхшы Ирина Маратовна Нурмухаммедова ҳәм оның баласы усы презентацияны тиккелей видеобайланыс арқалы бақлап турған Артур Нурмухаммедовлардың архив шаңларын жутқан пидайы мийнетлери, соның менен бирге белгили исбилермен Армен Садгянлардың финанслық жәрдеми болмағынанында жарыққа шықпаған болар еди.

Өзбекстан телевидениеси ҳәм радиосында өз хабаршысы болып ислеген дәўирде Москвада М.Нурмухаммедов пенен бир неше мәрте гезлескен едим. Мине арадан көп жыллар өтип, мен оның менен жақын қатнаста болмағаныма ҳәм оннан интервью алмағаныма өкинемен. Қалай болғанында да? Бирақ, мен оның бәрқулла ҳәрекетшең, сондай искер ҳәм белсенди адам екенлигин көретуғын едим. Бир мәрте оны Пречистенкедеги Москва илимпазлар үйинде СССР Илимлер Академиясының жыллық мәжилисинде, сондай-ақ, 1981-жылы Воровский көшесиндеги Әдебиятшылар үйиниң үлкен залында СССР Жазыўшылар Аўқамының пленумында көрдим. Пленумда бир күн даўамында өзбек, соның ишинде, қарақалпақ әдебияты мәселелери додаланды. Ол ўақытта Марат Көптилеўович Қарақалпақстан Жазыўшылар Аўқамының баслығы емес(Аўқамды сол жыллары Ибрайым Юсупов басқаратуғын), бирақ, ол миллий әдебияттағы машқалаларды жақсы түсинетуғын көрнекли алым сыпатында мирәт етилген еди. Сол жыллардағы ғалаба қытшылық дәўирде өткерилген илажларды бақлағанымда тәнепис пайытлары ҳәмме буфетке қарай асыққанын байқағанман. Ал, Әдебиятшылар үйинде басқа мәмлекетлик мәкемелердиң ассортиментинде жоқ әжайып арнаўлы буфет болып, оған СССР Жазыўшылар Аўқамының ағзалық билети менен ғана кириўге болатуғын еди. Ал, Марат Көптилеўович болса, усындай тәнепислер пайытында өзиниң кәсиплеслери арасында лаўазымлы адамлар менен ушырасып, биресе, Академияның өндирислик мәселелери, биресе, Нөкис университети бойынша сөйлесер еди.

1986-жылы Марат Көптилеўович «Түрк фольклоры бойынша III халықаралық Конгресси»не кетип, Анкара-Измир автотрассасында автоапатшылыққа ушыраған қорқынышлы июнь айы мениң еле есимде. Мен сол ўақытта Москвада едим. Айырым мағлыўматларға қарағанда бул 20-июнь(жума күни түнде), ал, басқасында болса, 21-июнь шемби күни жүз берген. Қалай болғанында да бизлер Москвада бул қайғылы апат туўралы 1986-жылдың 22-июнь екшемби күнинде билдик.

Дүйшемби күни СССР Министрлер Кеңеси жанындағы Өзбекстан ССР Министрлер Кеңесиниң турақлы ўәкилханасында толық мағлыўматлар шықты. Қабыллаўханада Өзбекстан ССР Министрлер Кеңеси баслығы Р.Х.Кадыровтың СССР Министрлер Кеңеси баслығы Н.И. Рыжковка пейитти алып кетиў ушын жәрдем сорап жазған жедел ҳүкиметлик телеграммасы жатар еди. Турақлы ўәкил Т.Ю. Юлдашев сол күни командировкада, ал, оның орынбасары емлеўханда еди. Сол ўақытта турақлы ўәкилхананың бир хызметкери менен бирге АТС-1(Кремлевка) арқалы СССР Сыртқы ислер министрлиги менен байланысыўға туўра келди. Себеби, автоавария СССР шегарасынан сыртта жүз берген еди. Сыртқы ислер министрлигинде автоаварияда үш адам қазаланып, соның екеўи совет пуқарасы, биреўи оларды Анқара аэропортында күтип алған Конгресстиң шөлкемлестириў комитетинен бир түрк ҳаялы екенин айтып түсиндирди. Екинши қайтыс болған алым Уфадан болып,, Сыртқы ислер министрлиги еки пейитти де алып келиў бойынша шуғылланып атырған екен.

Сол ўақытта Түркияда гезектеги әскерий аўдарыспақтан соң, әскерийлер ҳәкимият басына келген еди. Мәмлекет президенти болса, армия генералы, бурынғы Бас Штабтың баслығы, қасарысқан антисоветши, НАТО әскерий блогы менен тығыз бирге ислесиўдиң тәрепдары еди. СССР Сыртқы ислер министриниң орынбасары телефон арқалы бизлерге бундай жағдайда арнаўлы жүк самолётын жибериў туўралы гәп болыўы мүмкин емеслигин айтты. Түрклер жүк самолётының ушыўы ушын ҳеш қандай рухсат бермейди екен. Бирақ, барлық рәсмий ҳүжжетлерди тезлик пенен питкерип, пейитлерди самолётлардың турақлы авиарейси арқалы тезирек Шереметьевоға алып келиў ушын ҳәрекетлер исленип атырғанлығы түсиндирилди.

Күнниң екинши ярымында СССР Сыртқы ислер министрлигине Түркия Республикасының елшиси шақырылып, аўызеки түрде болып өткен ўақыяны муқыятлап тексерип, айыпкерлерди жазалаўды ҳәм қазаланғанлардың денесин Ўатанына қайтарыўға жәрдем бериўин сорады. Соның менен параллель СССР дың Түркиядағы елшиси (дипломат, ҳәзирги Россия Сыртқы ислер министри менен фамилиялас) консуллық ҳүжжетлерди рәсмийлестириўди тезлестириў бойынша шифровка жиберилди.

Бюрократия ҳәмме жерде, қәлеген дүзимде де қатал болады.Дипломатлардың күш салыўларына қарамастан «Аэрофлот»тың Анқарадан пейитлерди тийеген турақлы рейси Шереметьеваға тек пийшемби күни ғана қонды.

Ол жерден Нөкистен келген Қарақалпақстан ҳүкимети ўәкиллери менен биргеликте Өзбекстанның турақлы ўәкилханасы хызметкерлери пейитти Домодедоваға алып келди. Мениңше алжаспаған болсам,, Москва-Ташкент жөнелисиндеги ИЛ-86 аэробусы арнаўлы жүкти түсириў ушын жолаўшыларға түсиник берместен, Нөкис аэропортына режелестирилмеген қоныўды шөлкемлестирди. Қайсы мақсетте бул биймәни қайғылы ўақыяның усы мәўритине тоқтап атырсыз деп сорарсыз. Сол ўақытта Түркиядағы еки-үш жергиликли газеталарда бул апатшылық туўралы жәрияланды. Бирақ, елде жәриялылық, қайта қурыў ҳәўижге шығыўына қарамастан , ҳеш қайсы совет газетасынде бул ҳаққында бирде-бир сөз жазылмады. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳүкиметлери атынан республикалық газеталарда жәрияланған некрологта да «… қайғылы түрде қаза тапты…» деп айтылды. Қай жерде қашан, қандай жағдайда, неге усылай жүз берди? Ҳәкимият тәрепинен бул сораўларға тыянақлы жуўаптың берилмеўи, жәмийетшиликти қәўетерлендирип, оларда жаңадан-жаңа сораўлар пайда етти. Әсиресе, бул өзлериниң әжайып, сүйикли устазынан қәпелимде айрылып қалған Нөкис мәмлекетлик университети студентлери арасында бақланды.

Башқурт ағайинлер ушын еки совет алымының қазаланған орны ўақыт өтиўи менен муқаддес зыяратлаў орнына айланды. Олар бул жерди таўып белги қойды ҳәм Түркияға барса яки бул жерден өтсе, миннетли түрде тоқтап, муқаддес Қуран сүрелерин оқыйды. Башқурт зыяратшылары арасында бул орынға пияда, гейде велосипедте барғанлығы айтылады. Ал, бизлер буны неге ислемеймиз? Бизлердиң арамызда Түркияға барыўшылар аз ба? Айырым ўақытлары бул елде болғанымызда Өзбекстанның ярымы Түркияға көшип келгендей болып түйиледи. Мениңше Марат Көптилеўовичти еслеп, бизлер де усындай дәстүрлерди енгизсек күтә жақсы болар еди.

Бул Презентацияны таярлаў барысында, сөзге шығыўшылар, илаж қатнасыўшылары менен танысқанымда, илим, жоқары билимлендириў тараўларында соңғы ўақытлары Ташкентте Қарақалпақстан ўәкиллериниң көбейгенлигиниң гүўасы болдым ҳәм бул халық ушын мақтаныш, абырай оятып атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен түсиндим. Олар арасында айрықша дәстүрге ийе абырайлы университет ректоры, проректорлары, факультет деканлары да бар. Олар халықаралық шөлкемлерде де жумыс ислейди.Сондай-ақ, олар жаңадан шөлкемлестирилген белгили жоқары оқыў орынларын, соның ишинде, күтә қурамалы болған телекоммуникация технологиялары, атом энергетикасы, машина қурылысы ҳәм басқа да тараўларды басқарады. Мүмкин бул М.К.Нурмухаммедов дәўиринде себилген туқымлардың жемиси шығар.

«Прыжок» китабының муқабасына китап дүзиўшилери тәрепинен илимпаздың күнделиклериниң биринен табылған «Ҳәмме нәрсе күтә тез, күтә тез, оғада тез, салыстырылмалы тез раўажланады. XXI әсир адамы сен мақтанба? Сенде еки бас емес, сондай-ақ, дүньяның төрттен бирин қурайтуғын қытайлылар да еки бас жоқ. Сениң меннен ҳеш қандай айырмашылығың жоқ, тек сен меннен бир әсир кейин жасайсаң. Мен де XIX әсирде жасаған адамлар алдында мақтана алмайман. Ҳәр ким өз дәўириниң жаратыўшысы», деген сөзлер келтирилген.

Қандай сөзлер! Олар 40 жылдан көбирек бурын жазылғанына қарамастан, бүгинги күни де күтә әҳмийетли ҳәм заманға үнлес. Мен алымның бул сөзлерин бизлерге, барлық келешеги еле алдында болған жасларға қалдырған ўәсияты деп қабыллайман. Олар өмирде ҳәр бир қәдемин, көп мәнили айралық сөзлери менен тастыйықлап жүриўи тийис.

Рахимжон Султанов,
журналистика ветераны.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Мийдиң искерилигин жақсылайтуғын шынығыў

Мийдиң искерилигин жақсылайтуғын шынығыў

    Унамлы пикирлеўди раўажландыражақ болсаңыз, артқа қарай жүриўге ҳәрекет етиң. Әпиўайы жол менен артқа қарай жүриў,

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

    Мәлим болыўынша, айырым жағдайларда социаллық тармақлар ҳәтте дыққатты жақсылаўға жәрдем бериўи мүмкин.         Австралияның Кертин университети

ChatGPT: Ол қалай ислейди ҳәм авторлық ҳуқықы кимге тийисли?

ChatGPT: Ол қалай ислейди ҳәм авторлық ҳуқықы кимге тийисли?

    Жасалма интеллект қалай ислейди, ол келешекте инсан мийнетиниң орнын баса ала ма, нейрон тармақлар тәрепинен