9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни1918-жылдың 18-сентябринде Төрткүл районында туўылған Инаят Наўрызбаев 1941-жылы урысқа бириншилер қатарында шақырылып, Ўатанымызды фашист басқыншыларынан қорғаў мақсетинде саўаш майданына қарай атланады.
Воронеж фронтының 52-армиясы, 254-атқышлар дивизиясының 933-полкында пулемётшы болып хызмет еткен ол өзиниң ер жүреклиги ҳәм батырлығы менен өз жолдасларына ҳәр тәреплеме үлги болды.
Атап айтқанда, ол 1943-жыл 2-октябрь күни Украинаның Днепр дәрьясын бириншилер қатарында кешип өтип, душпанларға қарсы аяўсыз саўаш алып барды ҳәм өз дивизиясының алға қарай илгерилеўине имканият жаратты.
Әсиресе, 1943-жылдың 17-октябрь күни түнде Крещатик аўылы ушын жүргизилген саўашта душпанның қурал-жарақ сақланатуғын қоймаханасын жоқ етип, аўылға бастырып кирип, оны фашистлерден толық тазалаўға ериседи.
Инаят Наўрызбаевтың Днепр дәрьясын кешип өтиўдеги ерлиги Армия командирлери тәрепинен ылайықлы баҳаланып, СССР Жоқарғы Кеңеси Президиумының 1944-жыл 22-февральдағы Пәрманы менен оған «Алтын жулдыз» медалы ҳәм Советлер Аўқамының Қаҳарманы атағы бериледи.
1945-жылы офицерлер билимин жетилистириў курсын табыслы тамамлаған Инаят Наўрызбаев өз аўылына қайтып келип, Елликқала районы аймағында жасап, 1999-жылдың 29-апрели күни қайтыс болады.
Баспасөз материаллары тийкарында таярлаған: Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиСайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz