Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.04.2021 14:20
  • 1327

Нөкисте өзин «Қызкеткен» каналына таслаған қыз мәселесин Сенат үйренип шықты

Нөкисте өзин «Қызкеткен» каналына таслаған қыз мәселесин Сенат үйренип шықты
Усы жылдың 26-апрель күни Нөкисте өзин каналға таслаған қыздың өмири сақлап қалынғаны ҳаққында хабарлар жәрияланған еди. Усы жағдай Өзбекстан Олий Мажлиси Сенатының Ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлиги мәселелери комитети тәрепинен үйренип шығылды. Бул ҳаққында Сенаттың мәлимлеме хызмети хабар берди.

Хабарда жазылыўынша, усы жылдың 26-апрель күни саат 08:30 лар шамасында Нөкис қаласы «Жийдели Байсын» МПЖда жасайтуғын 2000-жылы туўылған пуқара Н.Д. өз жанына қастыянлық етиў мақсетинде Нөкис қаласындағы «Қызкеткен» каналына өзин таслаған. Усы жерде хызмет ўазыйпасын орынлап атырған Миллий гвардия хызметкери қызды қутқарып қалған.

Н.Д.ға биринши медициналық жәрдем көрсетилген. Ҳәзирги ўақытта пуқара Н.Д. өз үйинде ҳәм денсаўлығы бойынша ҳеш қандай шағымы жоқ. Өз жанына қастыянлық етиў себеплери үйренип шығылғанда, қыз ҳеш қандай басым астында болмағаны, шаңарағында да ҳеш қандай жәнжел болмағаны ҳәм өзиниң таныс достысы менен айтысып қалғанын мәлим еткен.

Атап өтилиўинше, пуқара Н.Д. Нөкис қаласында шаңарағы менен бирге жасайды. 2017-жылы Н.Д. Нөкис қалалық ИИБ тәрепинен профилактикалық есапқа алынған.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда