Урысқа шекем Төрткүлде бухгалтер болып жумыс ислеген және бир қаҳарман жерлесимиз Дмитрий Бернацкий 1941-жылы Армия қатарына шақырылып, Орлов әскерий училищесине оқыўға киреди. 1942-жылы училищени табыслы тамамлаған ол саўаш майданына қарай атланады.
Саўашларда өзиниң батырлығы ҳәм ержүреклиги менен көзге түскен ол 1-Украина фронтының 5-гвардия армиясы 4-атқышлар дивизиясының 38-полкының 3-батальонында аға адъюдант лаўазымына шекем көтерилип, гвардия капитаны әскерий дәрежесине ийе болады.
Дмитрий Бернацкий әсиресе, Украина ҳәм Польша мәмлекетлери аймағын фашистлерден азат етиўде айрықша қаҳарманлықлар ислейди. Атап айтқанда, ол 1945-жылдың 20-январынан 21-январына өтер түнде Одер дәрьясынан бириншилер қатарында кешип өтип, өзи басқарған топар менен душпанлар ийелеп турған плацдармды басып алыўға миясар болады ҳәм фашистлердиң ҳүжимлерин мәртлерше қайтарып турады. Бул саўашта батыр жерлесимиз Дмитрий Бернацкий аўыр жарақат алып қазаланады ҳәм Польша мәмлекетиниң Ключборк Опольского воеводасы аймағына жерленеди.
СССР Жоқарғы Кеңеси Президиумының 1945-жыл 27-июньдеги Пәрманы менен «Саўашларда көрсеткен ерлиги ҳәм мәртлиги ушын» қарақалпақстанлы жаўынгер гвардия капитаны Дмитрий Васильевич Бернацкийге өлиминен соң Советлер Аўқамының Қаҳарманы атағы бериледи.
Сондай-ақ, ол саўашларда көрсеткен қаҳарманлықлары ушын Ўатандарлық урыстың I-II дәрежели, Ленин, Алтын Жулдыз орденлери менен де сыйлықланады.
Қаҳарманның атына Төрткүл қаласында көше қойылған.
Баспасөз материаллары тийкарында таярлаған: Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz