Telegram karinform

Спорт

  • 30.04.2021 13:27
  • 1499

Токио Олимпиадасы ҳәм Паралимпия ойынларына жоллама алған қарақалпақстанлы спортшылар қоллап-қуўатланады

Токио Олимпиадасы ҳәм Паралимпия ойынларына жоллама алған қарақалпақстанлы спортшылар қоллап-қуўатланады
Усы жылдың 28-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының «2021-жылы Токио қаласында (Япония) болып өтетуғын ХХХII жазғы Олимпия ҳәм ХVI Паралимпия ойынларына лицензияны қолға киргизген ҳәм қолға киргизиўи күтилип атырған спортшыларды қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында»ғы арнаўлы қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети хабар берди.

Қарарға муўапық, 2021-жылы Токио қаласында (Япония) болып өтетуғын ХХХII жазғы Олимпия ҳәм ХVI Паралимпия ойынларына лицензияны қолға киргизген ҳәм қолға киргизиўи күтилип атырған спортшыларды сарплаған күш-қуўатын қайта тиклеўге талап етилетуғын био-витаминлер менен үзликсиз тәмийинлеў ушын зәрүр болған жәми 260 миллион сум қаржы Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша қәнигелестирилген Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектеби ҳәм Республикалық спорттың жеке гүрес түрлери бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебине ажыратылады.

Мағлыўмат ушын, бүгинги күнге шекем республикамыздан Токио Олимпиадасына қылышпазлық спорт түри бойынша Шерзад Мамутов ҳәм Зайнаб Дайыбекова, грек-рим гүресинде Жалғасбай Бердимуратов, дзюдо бойынша Шарапатдин Балтабаев, жүзиўден Әдилбек Юсупбаев жоллама алды.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...