Нөкис қаласындағы Орайлық базар жанындағы жөнелисли таксилер турар орнында реконструкция жумыслары алып барылыўына байланыслы бүгин, 4-майдан баслап «базар стоянка» ўақтынша жабылып, жөнелисли таксилердиң турар орны өзгергенлиги ҳаққында хабар берген едик.
ҚР Транспорт министрлиги алдын жәрияланған хабардағы жөнелисли таксилер турар орынлары ҳаққындағы мағлыўматқа қосымша өзгерислер киргизилгенин мәлим етти.
Атап айтқанда:
6-санлы «Орайлық базар – Нөкис арқа-батыс автовокзал»;
17-санлы «Орайлық базар – Нөкис арқа-батыс автовокзал»;
18-санлы «Орайлық базар – «Қутлы мәкан» МПЖ (Туб диспансер)»;
30-санлы «Орайлық базар – Нөкис арқа-батыс автовокзал»;
43-санлы «Орайлық базар – Хожан аўыл киши айланба жолы»;
52-санлы «Орайлық базар – 10-санлы Көззи әззилер мектеп интернаты»;
57-санлы «Орайлық базар – Нөкис арқа-батыс автовокзал»;
75-санлы «Орайлық базар – Хожан аўыл (Туб диспансер)»;
90-санлы «Орайлық базар – Алланияз Қаҳарман елаты (мектеп)»;
91-санлы «Орайлық базар – Хожан аўыл» жөнелислери бойынша қатнайтуғын жөнелисли таксилер «Өрнек базар» дағы автотранспортлар турар орнына өзгертилди.
Ал қалған жөнелисли таксилер «Korzinka.uz» саўда орайы алдына орналастырылады.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz