Халық депутатлары Тақыятас районлық Кеңесине «Сүўенли» сайлаў округинен сайланған, республикамыздағы ең жас депутатлардың бири Ғайратдин Сейтеков Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрине депутатлық сораўын жоллады.
Депутатлық сораўда улыўма билим бериў мектеплеринде көпшилик оқыўшылардың өзлери билим алып атырған тилге сәйкес шет тили сабақлықлары менен тәмийинленбегенлиги атап өтилген. Анықластырып айтқанда, мектеплерде қарақалпақ, өзбек, қазақ ямаса рус класста оқытылатуғын классларда басқа тиллердеги (мәселен, қазақ классларда қарақалпақ ямаса өзбек тилиндеги) шет тили сабақлықларынан пайдаланылмақта. Бул болса оқыўшылардың шет тилин толық меңгериўинде, өзлери билим алып атырған тилге аўдарыўында қыйыншылықларды пайда етпекте.
Жас депутат бул мәселени еле де тереңирек үйренип шығыў мақсетинде социаллық тармақлардағы жеке депутатлық каналы арқалы сораўнама өткерди.
Өткерилген сораўнамаға улыўма 5823 респондент қатнасып, олардың 37 проценти, яғный 2155 респондент шет тилинен сабақлықлары өзлери оқытылып атырған тил ушын сәйкес келетуғынлығы, ал респондентлердиң 73 проценти сабақлықлар өзлери оқып атырған тилде емес, ал басқа тиллерде екенлиги – атап айтқанда, 2361 қарақалпақ, 531 рус, 435 қазақ ҳәм 341 респондент өзбек класста оқыйтуғынлығы ҳәм шет тили сабақлықлары өзлери билим алып атырған тилге сәйкес емеслигин мәлим еткен.
Депутат Ғайратдин Сейтеков Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министринен республикамыздағы улыўма билим бериў мектеплеринде оқыўшылардың өзлери билим алып атырған тилге сәйкес шет тили сабақлықлары менен тәмийинлениўинде әмелий жәрдем сораған.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz