Telegram karinform

Спорт

  • 04.05.2021 14:25
  • 1357

Токио Олимпиадасына жоллама бериўши соңғы лицензиялық жарысқа Қарақалпақстаннан 4 палўан қатнасады

Токио Олимпиадасына жоллама бериўши соңғы лицензиялық жарысқа Қарақалпақстаннан 4 палўан қатнасады
Усы жылдың 6-9-май күнлери Болгарияның София қаласында спорт гүреслери бойынша дүнья жүзилик көлемде «Токио-2020» Олимпия ойынларына жоллама бериўши лицензиялық жарыс болып өтеди. Оған Қарақалпақстан Республикасынан 4 спортшы қатнасып, Олимпия жолламалары ушын гилемге түседи.

Атап айтқанда, еркеклер арасында еркин гүрес бойынша 125 кг салмақ категориясында Дилмуҳаммед Нурмуҳаммедов, ҳаял-қызлар гүреси бойынша 50 кг салмақта Дәўлетбийке Яхшимуратова, 57 кг салмақта Севара Ешмуратова ҳәм 62 кг салмақ категориясында Набира Есенбаева төрт жыллықтың ең жоқарғы спорт жарыслары – Олимпия ойынларына жолламаны қолға киргизиў ушын беллеседи.

Жарыста тек ғана финалға жоллама алған спортшылар Токио Олимпиадасына жоллама алады.

Биз жарыс алдынан Өзбекстан спорты тарийхында биринши мәрте ҳаял-қызлар арасында жәҳән чемпионатында гүмис медаль ийесине айланған қарақалпақстанлы палўан қызымыз Набира Есенбаева менен сәўбетлестик.

- Токио Олимпиадасына жоллама беретуғын ең соңғы жарыс болғанлықтан күшли таярлықлар алып бардық. Спортшылардың кейпиятлары жақсы. Несип етсе елимизге Токио Олимпиадасы жолламалары менен қайтыўға бар күш-жигеримиз бенен ҳәрекет етемиз, - деди Набира Есенбаева.

Биз өз гезегинде, спортшыларымызға болажақ жарыста әўмет тилей отырып, Токио Олимпиадасы жолламаларын қолға киргизиўине тилеклеслик билдиремиз.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Уқсас жаңалықлар

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Өзбекстанда интернет пайдаланыўшылары саны жәрияланды

Өзбекстанда интернет пайдаланыўшылары саны жәрияланды

    ​Миллий статистика комитетиниң берген мағлыўматларына муўапық, интернет пайдаланыўшылары саны дерлик 94%ке жеткенлигин көриўимиз мүмкин. Жоқарыдағы