Ўә, шайырлық! Сенсиз саҳра, шөлдеймен,
Булағыңнан ишкен сайын шөллеймен,
Ҳәр сапары түсип кетсе ушқының,
Тамызықтай-жанып болмай, сөнбеймен!
«Шайырлық – мениң руўхый өмирим, машақатлы мийнетим ҳәм мақтанышым!» - өзи ҳаққында сөз етиў менен бир қатарда поэзия жулдызы Ибрайым Юсупов шайырлыққа сондай тәрийп берген еди.
Шынында да, шайырлық қанша машақатлы болмасын инсанға руўхый азық береди. Аязий атамыз бенен бир сапта проза жанрына өшпес үлес қосқан сөз шебери Төлепберген Қайыпбергенов. Ол – Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Өзбекстан Қаҳарманы, Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамы, Қарақалпақстан телерадиокомитети ҳәм Қарақалпақстан баспасөзине мийнети сиңген таланты дәрья киби тасқан инсан. Мийнетлери мүнәсип баҳаланып, Бердақ атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик сыйлығы ҳәм Ҳамза атындағы Өзбекстан мәмлекетлик сыйлықлары менен сыйлықланды.
«Қарақалпақ әдебиятының қос байтереги»ниң 92 жыллығына арналып Кегейли районы ХББға қараслы 3-санлы улыўма билим бериў мектебинде әдебий кеше болып өтти. Бунда устазлар ҳәм оқыўшы жаслар өз белсендилигин көрсетип, кешемиздиң көркине сән бағышлады.
И.Юсуповтың ҳәр бир қатары алтынға тең қосықларын шеберлик пенен айтып, жанлы ҳаўазда қосықлар атқарды.
«Өмир деген не?
Өмирде ҳәмме нәрсе жуп болып жаратылған. Ол және өмир дөретиўи ушын, өмирдиң жаңа қубылысы ушын солай жаратылған.
Адамлар бар: бир-бирине мийирман.
Адамлар бар: бири-суў, екиншиси от.
Егер усылардың бир тәрепи болмаса, екинши тәрепи өмирди толық сәўлелендирермеди?
Жоқ!
Сонда өмир деген не?
Өмир – бул дүньяға келиў ҳәм кетиўдиң арасы...»
Бул уллы жазыўшымыз Т.Қайыпбергеновтың «Қарақалпақнама» роман-эссесинен үзинди. Оны оқыўшыларымыз көркемлеп оқыў арқалы жыйналған мийманларымыздың кеўилинде өзгеше тәсир қалдырды.
Ҳақыйқый шайыр аўылда туўылады...
Кегейли районында талантлы жаслар көпшиликти қурайды.
Солар қатары әдебий кешеге белсене қатнасқаны ушын оқыўшыларымыз – Сайёра Жийемуратова, Аллаяр Қайыпназаров, Қанат Қәдирханов, Айшолпан Тәжетова, Бийбиайша Есбергенова, Турсынай Оңғарбаева, Абдулазиз Өтепбергеновлар ҳүрмет жарлықлары ҳәм баҳалы китаплар менен сыйлықланды.
Олардың дөретиўшилик ҳәм әдебиятқа қызығыўшылығының артып барыўында, әлбетте, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшыларының үлеси үлкен.
Мен ойлайман, усы жанып турған қаракөзлерден еле келешекте Аязийлер ҳәм Т.Қайыпбергенов киби байтереклер жетисип шығады...
Бийбисара Қудайназарова,
Кегейли районы ХББға қараслы 3-санлы улыўма билим бериў мектебиниң Дөретиўши мәдений ислери бойынша үгит-нәсиятшысы.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz