Telegram karinform

Жәмийет

  • 10.10.2022 17:00
  • 647

9 саат даўам еткен қабыллаў: Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев алты район турғынларының мүрәжатларын тыңлады

 

Қанлыкөл районында Тақыятас, Хожели, Қанлыкөл, Шоманай, Қоңырат ҳәм Мойнақ районлары пуқаралары ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың жеке қабыллаўы болып өтти. Бул ҳаққында Жоқарғы Кеңес мәлимлеме хызмети хабар берди.

 

Онда Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары У.Мухаммадиев қатнасты.

 

Тоғыз саат даўам еткен қабыллаўда Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қабыллаўына дизим бойынша жазылған пуқаралардың мүрәжатлары тыңланып, орнында шешим табыў илажлары көрилди.

 

Қабыллаўда тийкарынан пуқараларды қыйнап киятырған машқалалар қатарында, социаллық қоллап-қуўатлаў, бәнтлик, медициналық жәрдем, жол, ишимлик ҳәм ақаба суў, электр ҳәм газ тәмийнаты, исбилерменлик искерлигинде ушырасып атырған машқалалар бойынша мүрәжатлар билдирилди.

 

 

Айтып өтиў орынлы, қабыллаўда жәми 433 мүрәжат келип түскен болып, соннан 200 ге шамалас машқала (дерлик 50 проценти) орнында унамлы шешимин тапты, ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының жеке қадағалаўына алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

 

Атап айтқанда, Қанлыкөл районынан Төребаев Парахаттың билдирген мүрәжаты сол орынның өзинде унамлы шешимин таўып, көшесине жаңадан электр линиясын тартыў жумыслары баслап жиберилди.

 

Мойнақ районы «Мәдели» АПЖ Порлытаў аўылы пуқарасы Жапаров Жадигердиң Порлытаў аўылын газ бенен тәмийинлеў бойынша мүрәжаты унамлы шешилип, жәми 8,2 км узынлықтағы газ линиясын тартып бериў ҳәм 200 ден аслам хожалықты қайта газге жалғаў жумыслары сол күнниң өзинде баслап жиберилди.

 

Хожели районынан Бакиева Мухаббат ҳәм Жадигерова Насибалардың контракт пулларын төлеп бериў бойынша мүрәжатлары унамлы шешилип, төлемли-шәртнама пулларын өткерип бериў бойынша тапсырма берилди.

 

 

Тақыятас районынан Ешмуратов Толыбай көшеси оңлаўға мүтәжлиги бойынша мүрәжат етип, Жоқарғы Кеңес Баслығы тапсырмасы менен 1 ҳәпте мүддет ишинде көшесине қум-щебень араласпасы (ЩПС) төсеп берилетуғын болды. Сондай-ақ, Қоңырат районынан Зарекеева Замираның мүрәжаты бойынша үйиниң шифери бастырып берилиўи ҳәм Юсупов Азаттың мүрәжаты бойынша үйиниң ишине пол төселип, оңлап бериў белгиленген болса, Шоманай районынан Жамалов Абилқасымның жумыссызлығы бойынша мүрәжатына тийкар райондағы 3-санлы мектепке жумысқа орналастырылды.

 

«Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында жолға қойылған бундай қабыллаўлар пуқаралар турмысында ушырасып атырған ҳәм оларды қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыўда, соның менен бирге, халқымыздың бүгинги күнинен шад болып, кеўли толып жасаўы жолында және бир әмелий жумыслардың дәлили болады.

 

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының жеке қабыллаўлары орынларда даўам етеди.

Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал

Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди

Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди

    Президент ҳүкиметке газ ҳәм электр энергиясы тарифлерин арттырыўды 1-майға шекем кешиктириўди тапсырды. Алдын 1-апрельге белгиленген

Контракт толық төленбесе, студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў мүмкин бе?

Контракт толық төленбесе, студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў мүмкин бе?

    Контрактын төлемеген студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў нызамлы тийкарға ийе емес. Егер студент улыўма