2020-жылы Қарақалпақстанда туўылған ул ҳәм қыз балаларға ең көп қойылған атлардың онлығын районлар кесиминде анализледик. Оған муўапық, ул балаларға
Кегейли ҳәм
Қанлыкөл районларында –
Азизбек,
Шоманай ҳәм
Қараөзек районларында –
Рамазан,
Шымбай, Тахтакөпир,
Нөкис районлары ҳәм
Нөкис қаласында –
Аллаяр,
Тақыятас, Бозатаў ҳәм
Мойнақта –
Алихан,
Беруний ҳәм
Төрткүлде –
Мустафо атлары ең көп қойылған.
Республикамызда өткен жылы дүньяға келген ул балаларға ең көп қойылған атлардың онлығы менен төмендеги инфографика арқалы танысыўыңызға болады.
Ал, қыз балаларға болса
Кегейли, Шымбай, Шоманай, Қанлыкөл, Қараөзек районлары ҳәм
Нөкис қаласында –
Тумарис,
Қоңырат, Беруний, Хожели ҳәм
Нөкис районларында –
Мадина аты ең қоп қойылған.
Қарақалпақстан бойынша қызларға ең көп қойылған атлар менен төмендеги инфографикада танысыўыңызға болады.
Таярлаған: Сахибжамал ЕсемуратоваKarinform.uzСайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz