Сораўға Коронавирусқа қарсы гүресиў штабының ағзасы, медицина илимлериниң докторы Севара Убайдуллаева төмендегише жуўап берди:
«Вакцинация процесине халықтың 60-70 процентин қамтып алыў тәмийинленсе, ғалабалық иммунитет пайда етилиўи ҳаққында бирнеше мәрте атап өткенбиз. Ғалабалық иммунитеттиң пайда етилиўи коронавирус инфекциясын қадағалаў ҳәм жеңип шығыўда қолға киргизилген үлкен нәтийже болады.
Вакцинацияның толық басқышларын алған адам организминде коронавирус инфекциясынан қорғайтуғын иммун клеткалары ислеп шығылады. Усы клеткалар қанша ўақыт қорғай алыўы ҳаққында толық мағлыўмат болмаса да бул клеткалар титры жоқары болған дәўирде адамға коронавирус инфекциясы жуқпайды.
Әлбетте, бундай жағдайда вакцинация толық басқышларын алған ҳәм иммунитет клеткалары болған адамлар ғана нықапсыз жүриўи және социаллық аралықты сақламаўы мүмкин.
Айырым мәмлекетлерде вакцинация алғанларға нықапсыз жүриў ҳәм социаллық аралықты сақламаўға рухсат берилиўи сол мәмлекетлердиң халқы арасында емленгенлер көрсеткиши 50 процент ҳәм оннан да көбирек болғанлығы және халық арасында ғалабалық иммунитет пайда етилиўине тийкар болғаны себепли болыўы мүмкин. Бирақ бундай мәмлекетлик бармақ бүгип санаўлы ғана.
Соны умытпаўымыз керек, өтип атырған пандемия дәўири медициналық нықаплар ҳәм өз ара аралықты сақлаўдың нәтийжесин көрсетип берди».
Ислам Матеков,
Karinform.uz.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz