Бүгин, 19-май күни саат 12:30 ларда Нөкис қаласында жәмийетлик тәртипти сақлаўға бириктирилген патруль жөнелисинде хызмет алып барып атырған Миллий гвардияның әскерий хызметкерлери алынған хабар бойынша көрсетилген орынға жетип барып, «Қызкеткен» каналына өзин таслаған намәлим қызды суўдан қутқарып алды.
Миллий гвардия рәсмий веб-сайтында жазылыўынша, өз ўақтында биринши медициналық жәрдем көрсетилип, қалалық медициналық бирлеспесине жеткерилген қыз дәслепки сорастырыўлар нәтийжесинде Нөкис қаласында жасайтуғын 2005-жылы туўылған пуқара Ж.Т. екенлиги мәлим болды.
Ҳәзирги ўақытта жағдай бойынша Нөкис қалалық ИИБ тәрепинен сорастырыў жумыслары даўам еттирилмекте, деп жазылған хабарда.
Еслетип өтемиз, алдын усы жылдың 26-апрель күни Нөкисте өзин каналға таслаған қыздың өмири сақлап қалынғаны ҳаққында хабар берген едик.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz