Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.05.2021 14:53
  • 1287

Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты Нөкис филиалы директоры ҳәм оның орынбасары тайынланды

Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты Нөкис филиалы директоры ҳәм оның орынбасары тайынланды

Наўайы кән-металлургия комбинаты мәмлекетлик кәрханасы бас директорының 2021-жыл 4-майдағы буйрығы менен Каипбергенов Атабек Тулепбергенович Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты Нөкис филиалы директоры лаўазымына тайынланды. Бул ҳаққында филиал баспасөз хызмети хабар берди.

Мағлыўмат ушын, Атабек Каипбергенов 1980-жыл Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында туўылған. 2003-жылы Ташкент химия-технология институтын питкерген.

Техника илимлериниң докторы, доцент.

Усы күнге шекем Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Химияны оқытыў методикасы кафедрасы баслығы лаўазымында ислеген.
Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты Нөкис филиалы директоры ҳәм оның орынбасары тайынланды

Сондай-ақ, Джаксымуратов Караматдин Мустапаевич Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты Нөкис филиалы директорының Илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды.

Мағлыўмат ушын, Караматдин Джаксымуратов 1968-жыл Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында туўылған. 1992-жылы Қазақстан мәмлекетлик политехника институтын питкерген.

Геология-минерология илимлериниң кандидаты.

Усы күнге шекем Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты Нөкис филиалы Тәбийғый ҳәм улыўма кәсиплик пәнлер кафедрасы баслығы лаўазымында ислеген.

Karinform.uz

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

        Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл