Нөкис районындағы «Имаматдин ийшан» мешити 2009-жылы Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен рәсмий дизимнен өтип, өз жумысын баслаған еди. Лекин, мешит сол дǝўирде районның «Қырантаў» аўыл пуқаралары жыйынына, район орайынан 25 километр узақлықта қурылған еди. Бул жәмәәттиң мешитке барып, ибадат етиўи ушын бир қанша машқала туўдырыўын есапқа алып ҳәм басқа мешитлер қатары оның да материаллық базасын беккемлеў, алдынғы мешитлер қатарына қосыў ушын «Имаматдин ийшан» мешитин Нөкис районы «Шортанбай» елаты аймағында жайласқан ески «Қырантаў» аўыл пуқаралары жыйыны имаратын қайта ремонтлап, жергиликли ҳәкимият пенен келисилген ҳалда «Шортанбай» елатына көширилди.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының мәлим етиўинше, «Шортанбай» елаты турғынларының басламасы ҳǝм басқа да шөлкемлердиң келисими менен «Имаматдин ийшан» мешитиниң қасынан мешиттиң жаңа имаратын қурыў басламасы көтерилген еди.
Бүгин, 25-май күни усы мешиттиң қурылыс жумысларын баслаў ушын қазық қағыў мǝресими болып өтти. Илажға Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.Бауатдинов, Нөкис районы ҳǝкими Ө.Уснатдинов, райондағы мәкеме-кǝрхана басшылары, нураный ақсақаллар ҳǝм белгили уламалар қатнасты.
Аллаҳ тааладан мешиттиң қурылыс жумысларының тез күнлерде, сапалы питиўин, мөмин-мусылманларымыз усы мешитлерде еркин ибадатлар етиўин сорап дуўалар етилди.
Еслетип өтемиз, мүбǝрек Рамазан айында пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Қум аўыл», «Алланияз қаҳарман» ҳǝм «Саманбай» мǝкан пуқаралар жыйынлары аймағында қурылыўы жобаластырылған үш мешиттиң қурылыс жумыслары басланған еди.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz