Нормативлик ҳүжжетлер бойынша 3 мәжбүрий пән ҳәм 2 қәнигелик пәннен имтихан алыныўы анық. Максимал балл – 280,5 балл етип белгиленген.
«Бас министр орынбасары Беҳзод Мусаевтиң 5 пәннен имтихан алыныўы анық емес, деген гәпи ҳәр түрли вариантта талқыланды. Мусаев пандемия шараятынан келип шығып, деген мазмунда айтып өткен еди. Өткен жылы да 5 пән болса да, пандемия себепли пәнлер 2 ге түсирилген еди. Бирақ, ҳәзир пандемия жағдайы турақлы.
Егер кеселлик көбейип кететуғын болса, онда Қабыллаў комиссиясы жағдайды көрип шығады. Ҳәзирше 5 пәннен имтихан алыныўы анық», - деп мағлыўмат берди Мәмлекетлик тест орайы бас басқармасының баслығы Ф.Мирзаев.
Бийбиназ Сәрсенбаева,
ҚМУ интернет журналистикасы тәлим бағдарының 2-курс студенти.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz