Telegram karinform

Экономика

  • 05.06.2021 11:27
  • 1455

20 000 сумлық жаңа купюрада Қарақалпақстанның тарийхы сәўлеленеди

Өзбекстан Республикасы Орайлық банки 2021-жылдың 14-июнь күнинен баслап номинал қунлылығы 2 000 сум ҳәм 20 000 сум болған банкнот көринисиндеги жаңа пул белгилерин айланысқа енгизиўи ҳаққында қарар қабыл етти.

Бул банкнотлардың тематикасы «Уллы Жипек жолы» ҳәм елимиз аймағындағы әййемги Бухара қаласы және Қарақалпақстан Республикасының тарийхына бағышланған.

Банкнотлар қорғалған қағазға басып шығарылған.
20 000 сумлық жаңа купюрада Қарақалпақстанның тарийхы сәўлеленеди
2 000 сумлық банкноттың өлшеми 142х69 мм болып, оның алдынғы тәрепинде дәслеп бизиң эрамызға шекемги I әсирде бой тиклеген, эрамыздың IX-X әсирлеринде қайта қурылған (ҳәзирги көриниси тийкарынан XVI әсирде қәлиплескен) «Бухара арки»ниң көриниси, ал банкноттың артқы тәрепинде бизиң эрамызға шекемги IV-III әсирлерде әййемги кәрўан жолы өткен Пайкенд қаласының қарабаханалары, яғный «Пайкенд археологиялық комплекси» сәўлеленген. Оң тәрепинде Бухара ўәлаяты аймағындағы «Варахша» археологиялық комплекслеринен табылған VIII әсирге тийисли дийўалый нағыслы безек көриниси және бизиң эрамызға шекемги III мың жыллық дәўирине тийисли үй рузыгершилик ыдысы – археологиялық табылма сәўлеленген.
20 000 сумлық жаңа купюрада Қарақалпақстанның тарийхы сәўлеленеди
20 000 сумлық банкнот болса Қарақалпақстан Республикасының тарийхына бағышланған болып, оның өлшеми 147х69 мм ди қурайды.

Банкноттың оң тәрепинде ашық реңли фонда әййемги «Уллы Жипек жолы»ның символы болған түйе ҳәм «20 000» саны көринисиндеги суў белгилери орын алған.

Банкноттың оң тәрепинде қағаз қатламында кеңлиги 3 мм лик «динамикалық» эффектке ийе болған, жоқары дәрежеде қорғалған, үш төртмүйешли жол көринисиндеги банкноттың үстинги қатламына шығатуғын қорғаў жиби орналастырылған.

Жақтылық дәрегинде жип толық көриниске ийе болып, банкноттың қәлеген қыялық жағдайында жиптеги көринислерде жылжыў эффекти пайда болады.

Алдынғы ҳәм артқы тәреплериниң тийкарғы реңлери – көк, тойғын көк ҳәм ақшыл қоңыр реңлерден ибарат.
20 000 сумлық жаңа купюрада Қарақалпақстанның тарийхы сәўлеленеди
Банкноттың алдынғы тәрепиниң шеп бөлегинде ҳәзирги Қарақалпақстан Республикасы аймағында бизиң эрамызға шекемги IV әсирде қурылған, ХХ әсирдиң 30-жылларында табылған «Қойқырылған қала» археологиялық естелиги сәўлеленген.

Жоқарғы шеп тәрепиндеги Қарақалпақстан халқының кестешилик гезлемелеринде қолланылатуғын нағыслы безек көриниси регистр ўазыйпасын атқарып, «алдынғы» ҳәм «артқы» тәреплерди бир-бири менен сәйкес түсириў ушын хызмет етеди. Жақтылыққа қаратылғанда ақ реңли бөлими банкноттың артқы тәрепиндеги реңли элементлер менен қосылып, толық нағысты пайда етеди.
20 000 сумлық жаңа купюрада Қарақалпақстанның тарийхы сәўлеленеди
Банкноттың артқы тәрепинде бизиң эрамызға шекемги IV әсирге тийисли болған Султан Ўайс таўларынан қубла-шығысқа қарай кеткен төбешиклердиң жоқарысында жайласқан «Жанбасқала археологиялық естелиги» сәўлеленген.

Оң тәрепинде бизиң эрамызға шекемги VII-VI әсирлерде Арал-Каспий теңизи аралығында жасаған халықларға тийисли керамикалық ыдыс және бизиң эрамызға шекемги I әсирге тийисли әййемги халық тәрепинен зороастризм мәресимлеринде пайдаланылған түйе көринисиндеги артефакт сәўлеленген.

Айланысқа енгизилип атырған қунлылығы 2 000 сум ҳәм 20 000 сум болған пул белгилери ҳәзирги ўақытта айланыста болған пул белгилери және тийин пуллар менен бир қатарда барлық хожалық басқарыўшы субъектлер ҳәм халық тәрепинен өз қунлылығы бойынша барлық түрдеги төлемлер ушын ҳеш қандай шеклеўлерсиз қабыл етилиўи шәрт.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Мийдиң искерилигин жақсылайтуғын шынығыў

Мийдиң искерилигин жақсылайтуғын шынығыў

    Унамлы пикирлеўди раўажландыражақ болсаңыз, артқа қарай жүриўге ҳәрекет етиң. Әпиўайы жол менен артқа қарай жүриў,

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

    Мәлим болыўынша, айырым жағдайларда социаллық тармақлар ҳәтте дыққатты жақсылаўға жәрдем бериўи мүмкин.         Австралияның Кертин университети

ChatGPT: Ол қалай ислейди ҳәм авторлық ҳуқықы кимге тийисли?

ChatGPT: Ол қалай ислейди ҳәм авторлық ҳуқықы кимге тийисли?

    Жасалма интеллект қалай ислейди, ол келешекте инсан мийнетиниң орнын баса ала ма, нейрон тармақлар тәрепинен