Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 19-апрельдеги «2021-2022-жылларда Қарақалпақстан Республикасының Нөкис қаласындағы шараяты аўыр аймақларда социаллық-экономикалық, турмыслық ҳәм инфраструктуралық жағдайы менен байланыслы машқалаларды сапластырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, пайтахтымыз Нөкис қаласындағы 14 мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы нызамсыз, өзбасымшалық пенен тәртипсиз қурылған турақ жайларды үйрениў ҳәм хатлаў жумыслары алып барылмақта. Бул ҳаққында бүгин, 14-июнь күни Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында болып өткен баспасөз конференциясында атап өтилди.
Усы күнге шекем «Бағшылық», «Жаңа базар», «Шымбай гүзары», «Боз аўыл», «Қызыл қум», «Әмиўдәрья», «Қутлы мәкан», «Саманбай», «Ақ жағыс», «Айдын жол», «Телеорай» мәкан пуқаралар жыйынларында 2 719 турақ жайдың кадастр ҳүжжетлери жоқ екенлиги анықланды ҳәм хатлаў жумыслары жуўмақланды.
- Жоқарыда атап өтилген қарарға муўапық, жумысшы топар тәрепинен топланған ҳүжжетлер көрип шығылғаннан соң тийисли жуўмақ тийкарында нызамсыз, өзбасымшалық пенен тәртипсиз қурылған турақ жайларға тийисли тәртипте кадастр ҳүжжетлери рәсмийлестириледи. Булардың барлығы жергиликли бюджет қаржылары есабынан әмелге асырылады, - деп айтып өтти басқарма юридикалық бюросы баслығы Төребек Гаипов.
Төребек Гаипов ҳәзирги ўақытта пайтахтымыздағы усы аймақларда өзбасымшалық пенен қурылған айырым турақ жайлардың ийелери таўылмай атырғаны, егер олар өз мүлклерин ҳүжжетлестирип алыўды қәлесе кадастр басқармасы ямаса мәкан пуқаралар жыйынларына хабарласыўы кереклигин қосымша етип өтти.
Баспасөз конференциясында басқарма баслығының орынбасары Әдил Еренов ҳәм мәмлекетлик дизимнен өткериў бөлими баслығы Салаўат Бекмуратовлар республикамызда Жәҳән банки қатнасыўындағы «Көшпес мүлк ҳәм кадастр системасын дизимге алыўды модернизациялаў» жойбары шеңберинде исленип атырған жумысларға тоқталды.
Жойбарға муўапық, ҳәзирги ўақытта республикамызда Өзбекстан көлеминде биринши мәрте тәжирийбе формасында фермер хожалықларының жер майданлары ҳаққындағы мағлыўматлар бирден-бир электрон платформаға орналастырылмақта. Қарақалпақстанда ҳәзирги ўақытта 6 646 фермер хожалығы жумыс алып барып атырған болып, олардың 6 334 и бирден-бир платформаға киргизилип, мәмлекетлик дизимнен өткерилгенлери 1 768 ди қурайды.
Конференцияда ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, журналистлер ҳәм блогерлер қатнасыўында Президенттиң 2021-жыл 8-июньдағы «Жер мүнәсибетлеринде теңлик ҳәм әдилликти тәмийинлеў, жерге болған ҳуқықларды исенимли қорғаў және оларды базар активине айландырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы ҳәм оннан келип шығып, тараўда күтилип атырған жаңалықлар бойынша сораў-жуўаплар, пикир алмасыўлар даўам етти.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.
Автордың түсирген фотолары.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz