Telegram karinform

Жәмийет

  • 05.07.2021 13:05
  • 752

«Базар стоянка» ертең пайдаланыўға тапсырылады

«Базар стоянка» ертең пайдаланыўға тапсырылады
Көпшиликтиң хабары бар, «Нөкис дийқан базары» акционерлик жәмийети аймағындағы жөнелисли автотранспорт турар орнында капитал оңлаў жумыслары алып барылып, бүгин 5-июль күни усы жумыслар толық жуўмақланып, ертең пайдаланыўға тапсырылады. Бул ҳаққында Нөкис қаласы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.

Алып барылған капитал оңлаў жумыслары ҳаққында «Нөкис дийқан базары» АЖ бас директоры Толқын Юсупов төмендегилерди мәлим етти.

- Базар аймағындағы жөнелисли автотранспортлардың турар орны көп жыллардан берли ири оңлаўға мүтәж еди. Жойбарлаў-сметалық баҳасы 2,5 млрд 251 млн сум болып, усы қурылыс жумыслары ушын биз банктен кредит алмастан, өзимиздиң акционерлик жәмийетиниң ишки имканиятларынан пайдаланып, артықша шығынға жол қоймаў мақсетинде буйыртпашы ҳәм бөлип алып ислеўши тәреплерди өзлеримиз таўып, нәтийжеде 1 млрд сумға шамалас қаржыны үнемлеўге еристик.

Тийкарғы асфальтлаў жумысларында жумсалған дефицит есапланған битум шийки заты Түркменстан ҳәм Қазақстан Республикаларынан буйыртпа тийкарында алып келинди. Усы турар орнының абзаллығы сонда, жаўын-шашын суўлары арнаўлы лотоклар арқалы сыртқа шығарылады. Әлбетте, бул пуқараларымыздың базарға емин-еркин келип-кетиўинде кең қолайлықлар болып есапланады.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Уқсас жаңалықлар

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

    ️Енди жоқары курслардағы өзлестириўи жақсы ҳәм социаллық белсенди студентлер толық ямаса белгили бир бөлеги муғдарында

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

    Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Өзбекстанда жетекши исбилермен ҳаяллардан ибарат Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Бул