Telegram karinform

Жәмийет

  • 27.07.2021 13:59
  • 630

АҚШтың киши грантлар бағдарламасы қәўендерлигиндеги жойбар Әмиўдәрья районында

АҚШтың киши грантлар бағдарламасы қәўендерлигиндеги жойбар Әмиўдәрья районында
Әмиўдарья районы Маңғыт қаласында «Истиқболли авлод» Республикалық социаллық-информациялық орайы тәрепинен «Қәўипсиз келешек» жойбары шеңберинде шөлкемлестирилген тренингде қаладағы мектеплердиң жаслар жетекшилери қатнасты. Тренингде нызам менен қадаған етилген ағымларға кирип кетиўдиң алдын алыў, жаслар менен жақыннан коммуникацияға кирисиў, экстремистлик шөлкемлер, топарлар ҳәм ағымлар ҳаққында мағлыўматқа ийе болғанда тийисли шөлкемлер менен байланысыў бойынша мағлыўмат берилди.
АҚШтың киши грантлар бағдарламасы қәўендерлигиндеги жойбар Әмиўдәрья районында
Сораў-жуўапларға бай болған тренингде жаслар өзлериниң пикирлери менен бир қатарда, қатнасыўшылар топарларға бөлинип усынысларын да билдирди. Сондай-ақ, экстремистлик шөлкемлер тәсирине түсип қалған инсан психологиясын сәўлелендириўге ҳәрекет етти.

- Жасларға диний экстремизмниң тәсириниң алдын алыў бойынша профилактикалық жумысларды алып барыў бойынша өз усынысларымызды таярладық. Олардың бири қысқа метражлы видео роликлерди таярлаў ҳәм оларды турақлы турде ҒХҚ, социаллық тармақлар арқалы кең түрде жәриялаўдан ибарат. Себеби, бүгинги күнде аудиторияға телевидение арқалы кирип барылмаса, интернет тармақлары арқалы оларды сергеликке шақырыў мүмкин, – дейди семинар қатнасыўшысы С.Султанов.
АҚШтың киши грантлар бағдарламасы қәўендерлигиндеги жойбар Әмиўдәрья районында
Бундай бағдардағы илажлар «Истиқболли авлод» Республикалық социаллық-информациялық орайы ҳәм Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы менен биргеликте барлық районларда өткерилиўи жобаластырылған.

«Истиқболли авлод» Республикалық социаллық-информациялық орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Кофе қан басымын кѳтере ме?

Кофе қан басымын кѳтере ме?

    Аз муғдарда (күнине 1-2 стакан) турақлы түрде кофе ишетуғын адамларда қан басымы менен дерлик ҳешқандай

Қарақалпақстан Республикасында биринши алтын кәни өзлестирилди

Қарақалпақстан Республикасында биринши алтын кәни өзлестирилди

    Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтың Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында мәмлекетимиз басшысы аймақта әмелге асырылып атырған инвестиция

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

    «Bookie» қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы шеңберинде «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» төрт томлық китабының мобиль қосымшасы