
Бүгин, 28-июль күни Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев майыплығы болған, ата-анасының тәрбиясынан ажыралған ҳәм жетим балаларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың жаңа системасын енгизиў илажлары бойынша видеоселектор жыйналысын өткермекте.
Мәмлекетимиз басшысы жыйналыста тараўда пүткиллей жаңаша система енгизилиўи, яғный 16 Меҳрибанлық үйи ҳәм 4 Балалар қалашасын Халық билимлендириў системасынан алып, Миллий гвардияға өткерилиўин атап өтти.
Буның ушын Миллий гвардияда айрықша командир орынбасары лаўазымы енгизилип, басқарма шөлкемлестириледи.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz