Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети студенти Камал Садиков усы жылдың 2-7-август күнлери аралығында университет студентлери арасында өткерилген Халықаралық математика жарысы (IMC – International Mathematical Competition)нда алтын медальды қолға киргизди. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги хабар берди.Халықаралық олимпиадаға дүньяның 50 ден аслам мәмлекетлеринен 600 ге шамалас студентлер қатнасты. Олар арасында Massachusetts Institute of Technology, Stanford University, Carnegie Mellon University (АҚШ), Saint-Petersburg State University, Moscow Institute of Physics and Technology (Россия), Rheinische Friedrich-Wilhelms-Universität Bonn, Georg-August-Universität Göttingen (Германия), University of Cambridge, University College London, Imperial College London, University of Manchester (Уллы Британия) сыяқлы дүньяның жетекши ҳәм абыройлы жоқары оқыў орынларының студентлери де бар.
Өзбекстан сайланды командасына төрт басқышлы сайлап алыў нәтийжелерине муўапық улыўма 17 студент қабыл етилген болып, олар арасында қарақалпақстанлы Камал Садиковтың да бар екенлиги халқымызды қуўанышқа бөледи. Студентлердиң усы халықаралық олимпиадада мүнәсип қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде усы жылдың март-июль айларында В.И.Романовский атындағы Математика институтының қәнигели оқытыўшылары Б.Қурбонбоев ҳәм Ф.Ҳайдаровлар тәрепинен таярлық оқыў шынығыўлары алып барылды.
Нәтийжеде усы халықаралық олимпиадада Өзбекстан командасы 5 алтын, 6 гүмис ҳәм 4 бронза медалы, сондай-ақ, 2 ҳүрмет жарлығын қолға киргизди.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz