Telegram karinform

Жәмийет

  • 09.08.2021 16:04
  • 674

Август айында кимлерге 500 мың сумлық бир мәртелик материаллық жәрдем берилетуғыны мәлим етилди

Август айында кимлерге 500 мың сумлық бир мәртелик материаллық жәрдем берилетуғыны мәлим етилди
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 30-июльдағы «Кем тәмийинленген ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж болған шаңарақлардың перзентлерин қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, 2021-жылдың август айында төмендегилерге 500 мың сумлық бир мәртелик материаллық жәрдем бериледи:

- бағыўшысынан айрылғанлық пенсиясы ямаса напақасын алатуғын шаңарақлардың 18 жасқа толмаған перзентлерине;
- майыплығы болған 18 жасқа толмаған балаларға.

Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» каналы хабар берди.

Материаллық жәрдем қаржылары:

- «Темир дәптер»ге киргизилген шаңарақлардың 18 жасқа толмаған перзентлери ушын районлық (қалалық) мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлимлери арқалы 25-августқа шекем;
- бағыўшысынан айрылғанлық пенсиясы ҳәм напақасын алатуғын шаңарақлардың 18 жасқа толмаған перзентлерине, майыплығы болған 18 жасқа толмаған балаларға напақа және пенсия төлейтуғын уйымлар (пенсия бөлими, қорғаныў, айрықша жағдайлар, миллий гвардия, бажыхана, суд, ИИМ, МХХ уйымлары) тәрепинен төленеди.

Еслетип өтемиз, Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң 2021-жыл 13-июльдағы «Жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың жәмийетлик белсендилигин буннан былай да арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, усы жылдың август айында «Темир дәптер»ге киргизилген шаңарақлардың 18 жасқа толмаған ҳәр бир перзенти ушын Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан 500 мың сум муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем берилетуғыны ҳаққында алдын хабар берген едик.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Суўықта бас кийим кийиўди умытпаң

Суўықта бас кийим кийиўди умытпаң

    Басыңызды жыллы тутың: Бас арқалы денеден ыссылық ең көп жойтылады. Бас кийим болса бул ыссылықты

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

    Ҳүкиметтиң 145-санлы қарары менен тастыйықланған нызамға тийкарланып, «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў төмендеги түрлерде әмелге

Токсикозды жеңиллетиўге не жәрдем береди?

Токсикозды жеңиллетиўге не жәрдем береди?

        Ферментленген сүт ѳнимлери – кем майлы творог, йогурт, кефир нәтийжели тәсир кѳрсетеди. Дәнли ҳәм Б