Telegram karinform

Жәмийет

  • 14.08.2021 11:24
  • 762

Пединститутта магистратура қәнигеликлерине кириў имтиханлары басланды

Пединститутта магистратура қәнигеликлерине кириў имтиханлары басланды
Бүгин, 14-август күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 2021-2022-оқыў жылы ушын магистратура қәнигеликлерине ҳүжжет тапсырған абитуриентлерге қәнигелик пәнлерден имтиханлар басланды.

Институтта улыўма 22 магистратура қәнигелигине мәмлекетлик буйыртпасы параметрлерине муўапық жәми 110 орын, соннан мәмлекетлик грант тийкарында 55 ҳәм төлемли контракт тийкарында 55 орын ажыратылған.
Пединститутта магистратура қәнигеликлерине кириў имтиханлары басланды
Пединститутта магистратура қәнигеликлерине кириў имтиханлары басланды
Имтиханлар санитариялық-эпидемиологиялық қағыйдаларға әмел еткен ҳалда өткерилип, усы жылдың 17-август күнине шекем тастыйықланған кесте бойынша күнине 2 сменада – биринши смена 09:00 – 11:30 аралығында, екинши смена 15:00 – 17:30 аралығында институттың бас имаратында (Түркий тиллер факультети) даўам етеди.

- Институттың қарақалпақ тили ҳәм әдебияты бакалавр тәлим бағдарын табыслы питкерип, Мойнақ районындағы 9-санлы улыўма билим бериў мектебинде муғаллим болып ислеп атырман, - дейди Азамат Нуратдинов. – Ана тилимиздиң раўажланыў тенденцияларын илимий тийкарда үйрениў, бул бағдарда илимий-изертлеў жумысларын алып барыў мақсетинде магистратура қәнигелигине ҳүжжет тапсырдым.
Пединститутта магистратура қәнигеликлерине кириў имтиханлары басланды
Магистратура қәнигеликлерине өткерилип атырған имтиханлардың әдил ҳәм ашық-айдын өтиўин тәмийинлеў мақсетинде қәлеўшилер ушын имтихан барысын онлайн тәризде бақлап барыў имканияты жаратылған.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, қәнигелик пәнлерден өткерилип атырған имтиханлардың нәтийжелери институттың рәсмий веб-сайты ҳәм оның социаллық тармақлардағы рәсмий каналларында жәрияланады.
Пединститутта магистратура қәнигеликлерине кириў имтиханлары басланды
Пединститутта магистратура қәнигеликлерине кириў имтиханлары басланды
Пединститутта магистратура қәнигеликлерине кириў имтиханлары басланды

Ислам Матеков,
Karinform.uz.
Автордың түсирген фотолары.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Студент қандай жағдайларда оқыўдан шетлетиледи?

Студент қандай жағдайларда оқыўдан шетлетиледи?

Ҳүкиметтиң 2017-жыл 20-июнь сәнесиндеги 393-санлы қарарына бола, студентлер төмендеги жағдайларда оқыўдан шетлетиледи: – Өз қәлеўи менен;...

НМПИ илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры тайынланды

НМПИ илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры тайынланды

    Бабаниязова Наргиза Полатовна – Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша

Магистратура қәнигеликлерине қысқы қабыллаў даўам етпекте

Магистратура қәнигеликлерине қысқы қабыллаў даўам етпекте

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў процесслерин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, 2022-2023-оқыў