Telegram karinform

Жәмийет

  • 18.08.2021 13:53
  • 654

Таңлаў жеңимпазына сертификат тапсырылды

Таңлаў жеңимпазына сертификат тапсырылды
18-август күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Жоқарғы Кеңес жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў Жәмийетлик фонды тәрепинен мәмлекетлик социаллық буйыртпа бойынша жәрияланған 4-таңлаўдың жеңимпазына сертификат тапсырылды. Бул ҳаққында Жоқарғы Кеңес баспасөз хызмети хабар берди.

Усы жыл 27-июль күни өткерилген Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы Социаллық шериклик бойынша жәмийетлик комиссияның мәжилисинде таңлаўға келип түскен жойбарлардың мазмуны, тийкарғы мақсетлери, әмелге асырыў механизмлери ҳәм күтилип атырған нәтийжелери комиссия ағзалары тәрепинен кеңнен додаланып, «Арал алтын мийрасы» жәмийетлик бирлеспесиниң «Қарақалпақстан Республикасының аўыллық аймақларында социаллық машқалаларды шешиў ҳәм де кем тәмийинленген халық, әсиресе жаслар ҳәм ҳаял-қызларда исбилерменлик көнликпелерин қәлиплестириў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеўдеги социаллық бирге ислесиўдиң инновациялық механизмлери» атамасындағы жойбары комиссия ағзалары тәрепинен берилген даўыслар тийкарында жеңимпаз деп табылған еди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық-мәдений раўажланыў ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитетиниң баслығы, Жоқарғы Кеңес жанындағы Социаллық шериклик бойынша жәмийетлик комиссияның баслығы Д.Қурбаниязов таңлаў жеңимпазын қутлықлап, бул жойбар келешекте елимиздиң раўажланыўына, халық ийгилигине хызмет ететуғынлығына исеним билдирди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Уқсас жаңалықлар

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

    ️Енди жоқары курслардағы өзлестириўи жақсы ҳәм социаллық белсенди студентлер толық ямаса белгили бир бөлеги муғдарында

Өзлестириў көрсеткишине қарап студентлерге грантларды қайта бөлистириў тәртиби тастыйықланды

Өзлестириў көрсеткишине қарап студентлерге грантларды қайта бөлистириў тәртиби тастыйықланды

    Ҳүкимет қарары менен Жоқары билимлендириў шөлкемлеринде студентлерге грантларды бериў ҳәм қайта бөлистириў тәртиби ҳаққындағы реже

Студентлер әмелият өтегени ушын пул алыўы мүмкин

Студентлер әмелият өтегени ушын пул алыўы мүмкин

    Бирақ, барлық студентлер емес, таңлап алынған питкериўши курс әмелиятшы студентлери.  Январьда дағазаланған тәртипке бола, питкериўши