Усы жылдың 24-октябрь күни елимизде әҳмийетли сиясий ўақыя – Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы өткерилиўи мүнәсибети менен 23-июль күни сайлаў кампаниясы басланыўы жәрияланған еди. Қысқа ўақыт ишинде бул процесс жедел түрде жолға қойылып, ҳәзирги ўақытта шөлкемлестириў жумыслары әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының 2021-жыл 14-августтағы «Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўши округлик сайлаў комиссияларының жеке қурамын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары тийкарында 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясы өз жумысын баслады.Өзбекстан Республикасы сайлаў кодексиниң 8-статьясында сайлаўға таярлық көриў және оны өткериў сайлаў комиссиялары тәрепинен ашық-айдын әмелге асырылыўы белгиленген. Усы тийкарда 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясының биринши жыйналысында округ жанында Баспасөз орайы шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы және ағзалары тастыйықланды.
Усы жылдың 24-август күни 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясында нәўбеттеги жыйналыс болып өтти.
Жыйналысты округлик сайлаў комиссиясының баслығы У.Жалменов ашты ҳәм күн тәртибиндеги мәселе бойынша ўазыйпалар ҳаққында тоқталып өтти. Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўши сайлаў участкаларының дизимин тастыйықлаў мәселеси көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, Сайлаў кодексиниң 10-статьясына муўапық, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериў бойынша сайлаў участкалары районлар ҳәм қалалар ҳәкимликлериниң усыныснамасына муўапық округлик сайлаў комиссиялары тәрепинен дүзиледи.
Видеоконференциялық байланыс тәризинде өткерилген жыйналысқа 17 аймақтағы жуўапкерлер де қатнасты.
Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериў ушын қала ҳәм районлар ҳәкимликлериниң усыныснамасына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы аймағында 656 сайлаў участкасы шөлкемлестирилди. Жыйналыста 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясы тәрепинен сайлаў участкаларының тәртип санлары, шегаралары, мәнзиллери көрсетилген дизим тастыйықланды.
Сондай-ақ, комиссияның усы мәжилисинде сайлаў участкаларын үлги тийкарында таярлаў, сайлаўды өткериў бойынша үгит-нәсият жумысларын алып барыў, сайлаў участкалары комиссиялары ағзаларының қурамы бойынша усыныслар бериў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.
Илаж шеңберинде ғалаба хабар қураллары ушын брифинг болып өтти. Брифингде 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясы баслығы У.Жалменов сиясий процесслерди ғалаба хабар қуралларында сәўлелендириў ҳәм журналистлерди аккредитациядан өткериў мәселелери ҳаққында мағлыўмат берди. Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға округлик сайлаў комиссиялары ағзаларынан жуўаплар алды.
1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясының Баспасөз орайы.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz