Telegram karinform

Технология

  • 26.08.2021 14:19
  • 1013

Шоманайда «Санлы технологиялар» оқыў орайы ашылды

Шоманайда «Санлы технологиялар» оқыў орайы ашылды
25-август күни Шоманай районында 13-«Санлы технологиялар» оқыў орайының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти. Бул ҳаққында «IT Park Karakalpakstan» каналы хабар берди.
Шоманайда «Санлы технологиялар» оқыў орайы ашылды
Илажға район ҳәкими Б.Янгибаев, Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы баслығының орынбасары Қ.Қоланов ҳәм «IT-Center» Қарақалпақстан Республикасы аймақлық директоры М.Елмуратов, сондай-ақ, район турғынлары, мәлимлеме технологияларына қызығыўшы жаслар және тараў ўәкиллери қатнасты.
Шоманайда «Санлы технологиялар» оқыў орайы ашылды
- Жаңадан ашылған орай заманагөй ҳәм барлық қолайлықларға ийе болып, Шоманай районы жасларының IT тараўы, яғный веб-программаластырыў, мобиль робототехника, андроид қосымшаларды жаратыў, киберспорт, IT-инглис тили, IT-исбилерменлик және стартап жойбарларды ислеп шығыўын қоллап-қуўатлаў ушын барлық шараятлар жаратылған, - дейди «IT-Center» Қарақалпақстан Республикасы аймақлық директоры М.Елмуратов.

Орай 20 дана компьютер комлекси ҳәм робототехникалық үскенелер менен тәмийинленген.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

        Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл