Telegram karinform

Жәмийет

  • 26.08.2021 16:15
  • 980

Кимлер коронавирусқа қарсы вакцина алмаўы мүмкин екенлигине анықлық киргизилди

Кимлер коронавирусқа қарсы вакцина алмаўы мүмкин екенлигине анықлық киргизилди
Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң тийисли буйрығы тийкарында тастыйықланған бирлемши медициналық-санитариялық мәкемелерде 18 ҳәм оннан жоқары жастағы халықты «COVID-19»ға қарсы шаншыў тәртиплерине муўапық, шаншыўға қарсы ўақтынша ямаса турақлы медициналық шеклеўлер емлеў-профилактикалық мәкемелериниң басшылары тәрепинен тастыйықланған арнаўлы комиссия тәрепинен белгиленеди. Бул ҳаққында министрлик мәлимлеме хызмети хабар берди.

Комиссия тәрепинен усыныс етилетуғын медициналық шеклеў ҳаққындағы мағлыўматнамада төмендегилер сәўлеленеди:

Ўақтынша қарсы көрсетпелер:
- Коронавирус кеселлигиниң күшли формасы болған наўқаслар;
- Лабораторияда «COVID-19» оң нәтийже берген, бирақ клиникалық белгилер болмаған адамлар;
- Коронавирус кеселлигине шатылған наўқаслар менен байланыста болғанлар карантин мүддети жуўмақланғаннан соң шаншылады.

Шаншыўға узақ мүддетли ҳәм турақлы қарсы көрсетпелер:
- Анамнезинде аўыр аллергиялық реакциялары (анафилактикалық шок) болған адамлар (тастыйықлаўшы медициналық ҳүжжет болғанда);
- Ҳәмиледар ҳәм емизиўли ҳаяллар (вакцинаның усы контингентке қәўипсизлиги ҳаққында мағлыўмат жетерли емеслиги себепли);
- 18 жасқа толмаған балалар;
- Анамнезинде туўма ямаса арттырылған иммуножетиспеўшилик жағдайы, АИВ инфекциясы болған наўқаслар;
- Вакцинаның компонентлерине жоқары сезгирлиги болған адамлар.

Соны ядта сақлаў керек, «COVID-19» вакцинациясына қарсы көрсетпелер бирлемши медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелериниң шаңарақлық шыпакери тәрепинен анықланады ҳәм шеклеў ҳаққында жуўмақ шығарыў ушын арнаўлы комиссияға жибериледи. Ўақтынша ямаса турақлы медициналық шеклеўлер тек ғана емлеў-профилактикалық мәкемелериниң басшылары тәрепинен тастыйықланған арнаўлы комиссия тәрепинен белгиленеди.

Коронавирус инфекциясының аўыр формасы симптомлары болған наўқаслар, сондай-ақ, лабораторияда «COVID-19»ға оң нәтийже берген, бирақ клиникалық белгилери бақланбай атырған (симптомсыз) адамлар және коронавирусқа шатылған наўқаслар менен байланыста болған адамлар, карантин мүддетлери жуўмақланғаннан соң шаншылады.

Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң усынысларына тийкарлана отырып, «COVID-19» кеселлигинен саўалған ҳәм реабилитациялық дәўирди өткерген адам шыпакердиң рухсаты менен 3-6 айдан соң шаншылыўы мүмкин.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Уқсас жаңалықлар

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...