Telegram karinform

Жәмийет

  • 01.09.2021 17:59
  • 5180

Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик сыйлықлары тапсырылды

Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик сыйлықлары тапсырылды
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарарына муўапық, елимиз ғәрезсизлигин беккемлеўдеги, оның экономикалық потенциалын арттырыўдағы, тараўларда жүргизилип атырған реформаларды табыслы әмелге асырыўдағы нәтийжели хызметлери, елимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәм халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў жолындағы пидәкерли мийнетлери, жәмийетимизде миллетлераралық дослық ҳәм татыўлықты беккемлеў, жас әўладты ўатанды сүйиўшилик ҳәм ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаў ҳәмде жәмийетлик-сиясий турмыстағы белсендилиги ушын бир топар ўатанласларымыз ҳүрметли атақлар ҳәм көкирек белгилери менен сыйлықланған еди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде 1-сентябрь күни усы сыйлықларды тапсырыў мәресими болды. Бул ҳаққында Жоқарғы Кеңес баспасөз хызмети хабар берди.

Салтанатлы илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов елимиз ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы менен қызғын қутлықлады.

Атап өтилгениндей, Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен елимиздиң социал-экономикалық турмысында үлкен реформалар, өзгерислер әмелге асырылмақта. Мәмлекет басшысының республикамызға болған айрықша итибары және ғамқорлығының нәжийжесинде барлық аймақларда кең көлемли қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары, халкымыздың абадан турмысын тәмийинлеў бойынша бир қатар әҳмийетли илажлар алып барылмақта.

Әне усындай ийгиликли ислерде белсене қатнасқан бир топар ўатанласларымыз елимиздиң жоқары сыйлықларын алыўға мияссар болмақта.
Илажда ҳурметли атақлар, көкирек белгилери өз ийелерине тапсырылды.

Сыйлықланғанлар атынан сөзге шыққанлар мийнетлерин жоқары баҳалағаны ушын республикамыз басшыларына шексиз миннетдаршылық билдирди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов қатнасты.
Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик сыйлықлары тапсырылды
Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик сыйлықлары тапсырылды
Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик сыйлықлары тапсырылды

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

    Қарақалпақстан Республикасы статистика комитетиниң берген мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны