Telegram karinform

Жәмийет

  • 09.09.2021 23:57
  • 682

Енди Президент стипендиясы ҳәр бир жоқары оқыў орнынан бир студентке бериледи

Енди Президент стипендиясы ҳәр бир жоқары оқыў орнынан бир студентке бериледи

2021-2022-оқыў жылынан баслап:

- Өзбекстан Республикасы Президенти мәмлекетлик стипендиясының квотасы таяныш докторантурада оқып атырған докторантлар ҳәм магистратура басқышы студентлери ушын еки есеге көбейтилип, тийисли түрде 10 ҳәм 22 етип, сондай-ақ, бакалавриат басқышы студентлери ушын болса ҳәр бир жоқары оқыў орнына биреўден етип белгиленбекте.

Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң 2021-жыл 9-сентябрьдеги \"Республикалық жоқары билимлендириў мәкемелеринде оқып атырған, илимий-изертлеў жумыслары менен шуғылланып атырған қәбилетли жасларды буннан былай да қоллап-қуўатлаў ҳаққында\"ғы пәрманында атап өтилген.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, буған шекем Президент стипендиясы улыўма Өзбекстан көлеминде бакалавриат ҳәм магистратура ушын белгиленген 11 бағдар бойынша өз алдына берилетуғын еди.

Соның менен бирге, усы пәрманға муўапық, Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм атақлы стипендиялар мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының қоспа билимлендириў бағдарламалары тийкарында оқып атырған және республикада жумыс алып барып атырған сырт еллердиң жоқары билимлендириў шөлкеминиң филиаллары ҳәм мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў шөлкемлериниң бакалавриат басқышы студентлери ушын да енгизилмекте.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Уқсас жаңалықлар

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан