
Студент - бул өзи квартирасында макарон жеп, сүйген қызын қымбат кафелерде отырғызатуғын «ДЖЕНТЛЬМЕН».
Студент – бул ҳеш бир пәнге дәптер қоймасада, 70 000 сўмлық сумка көтеретуғын, ишинде тек жөнелисли таксиге 1600 сўм пулын салыў 50 000 сўмлық шыжлан сатып алатуғын «КРУТОЙ».
Студент – бул 6 ай сабақ таярламай, 6 айлық лекцияларды 6 саатта жазатуғын «ПРОФЕССОР».
Студент – бул есабында пул болмаса да 400$ лық iPhone услайтуғын «ОЛИГАРХ».
Студент - бул 250 000 сўм стипендия алыў ушын 7 000 000 сўм контракт төлейтуғын «МИЛЛИОНЕР».
Студент – бул үйинен футболка, жинсиде үйинен шығып, деканның алдына ақ көйлек, галстукта киретуғын «ИНТЕЛЛИГЕНТ».
Студент – бул қымбат баҳалы брендтиң дүканында көрген кийимин базардан 70.000 сўмға арзанлатып алатуғын «БИЗНЕСМЕН».
Студент – бул өзи 300 сўмлық пирожки жеп, сүйген қызының туўылған күнине 30 дана гүл апаратуғын «РОМАНТИК».
Интернет материаллары тийкарында таярлаған: Сахибжамал Есемуратова