Бул ҳаққында ӨзР Туризм ҳәм спорт министрлигиниң мәлимлеме хызмети хабар берди.Төменги Әмиўдәрья биосфералық резерваты Қарақалпақстан Республикасының Беруний ҳәм Әмиўдәрья районлары аймағында жайласқан. Оралық Азия тоғайларының 20 проценти ҳәм Өзбекстан тоғайларының 74 проценти усы аймаққа туўра келеди.
Қорықхананың улыўмалық майданы 69 мың гектарға шамалас болып, резерват аймағындағы 419 түрдеги өсимликлердиң 2 түри, 36 түрдеги ҳайўанның биреўи, 43 түрдеги балықлардың 12 түри ҳәм 246 түрдеги қуслардың 23 түри Қызыл китапқа киргизилген.
ЮНЕСКОның биосфералық резерватлары ҳәзирги ўақытта жер жүзиниң 5 проценттен асламын ийелейди ҳәм биологиялық көп түрлиликти сақлаў, экологиялық билимлендириў, изертлеў ҳәм турақлы раўажланыўды бирлестиреди.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Төменги Әмиўдәрья биосфералық резерватының тийкарғы символы Бухара суўыны – хангүл болып, усы жыл бәҳәрде өткерилген санақ нәтийжелерине муўапық, аймақта 1400 бастан асламы жасайтуғыны анықланған.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz